Илажда Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Баҳадыр Акимов соңғы жыллары пайтахтымызда жайласқан билимлендириў орынларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында баспасөз әнжуманы қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берип, журналистлердиң қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.

Сондай-ақ, өткерилген илаж шеңберинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын қаламызда жайласқан бир қатар билимлендириў шөлкемлерине пресс-тур шөлкемлестирилип, онда қатнасыўшылар бул дәргайларда педагог-хызметкерлер ҳәм тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген сораўларға жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.