Онда таңлаўдың әскерий бөлимлерде шөлкемлестирилген сайлап алыў басқышларында ең жоқары нәтийжелерди қолға киргизген әскерий хызметкерлер қатнасты.

Таңлаў үш шәрт тийкарында шөлкемлестирилип, онда қатнасыўшылар көркем әдебият, миллий ҳәм жәҳән әдебияты үлгилери, уллы жазыўшы ҳәм ойшыллардың өмири ҳәм дөретиўшилиги, шығармалардың мазмун-мәниси, қаҳарманлардың характери ҳәм идеялық бағдары бойынша өзлериниң терең билимлерин көрсетти. Сондай-ақ, қатнасыўшылар китап оқыў мәденияты, китаптың инсан камалға келиўиндеги орны ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбиядағы әҳмийети бойынша берилген қыйын сораўларға пуқта, анық ҳәм тийкарланған жуўаплар берди.

Интеллектуаллық беллесиў даўамында қатнасыўшылар өзбек ҳәм жәҳән әдебиятының бийбаҳа дүрданалары, уллы ойшыллардың мийрасы және шығармаларда алға қойылған ўатансүйиўшилик, адамгершилик, пидайылық ҳәм жақсылық идеяларын терең таллаў арқалы өзлериниң кең дүньяқарасын ҳәм еркин пикирлеў потенциалын көрсетти.

– Усы күнге шекем жүдә көп китапларды оқығанман. Тоғай Мурод, Ўткир Ҳошимов, Шыңғыс Айтматовлардың шығармаларын үлкен қызығыўшылық пенен оқыйман, – дейди танк оқлаўшысы, әскерий хызметкер Зокир Қобилов. – Негизинде китапты таңлап оқыў дурыс емес, керисинше оқып болғаныңыздан кейин олардан алған мағлыўматларды таңлап, оған баҳа бериў мүмкин. Китапты муқабасына қарап баҳаламаў керек.

Таңлаў процесинде төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың билим дәрежеси, логикалық пикирлеўи, сөйлеў мәденияты, аналитикалық қатнасы, көркем шығармалардың мазмунын терең аңлаў ҳәм өз пикирин тийкарлы және дурыс билдириў көнликпелерине айрықша итибар қаратылды.

Таңлаў жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, сондай-ақ, белсенди қатнасыўшылар Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы атынан диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Биринши орынды қолға киргизген әскерий хызметкер таңлаўдың министрлик басқышында Арқа-батыс әскерий округи ҳүрметин мүнәсип қорғаў ҳуқықын қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.