Елшилик арзыўынан исбилерменликке
Бухараның шетки аўылында өскенмен. Шаңарағымызда ҳеш ким исбилерменликти мақтанышлы кәсип деп билмес, ҳеш кимге "исбилермен бол", деп мәсләҳәт берилмес еди. 1990-жыллардың көпшилик жаслары сыяқлы мен де мәмлекетлик жумыста ислеў, кабинети бар үлкен басшы болыўды әрман ететуғын едим. Сонда "Ең үлкен әрманың не?" деп сораса, "Өзбекстанның бир мәмлекеттеги елшиси болыў", деп жуўап берген болар едим.
Бул тек мениң емес, пүткил бир әўладтың көзқарасы еди. Теңлеслерим юрист, прокурор, банкир, ҳәким яки әскерий болыўды қәлер еди. Жәмийет исбилерменди қун жаратыўшы емес, саўдагер деп билди. Себеби, жаңа ғәрезсизликке ерискен Өзбекстанда исбилерменлик мақтанышлы кәсип емес еди. Ҳәтте үлкен минберлерден турып Өзбекстанда байлар болмайтуғыны ҳаққында айтылатуғын еди. Өз-өзинен мен де исбилермен болыўды әрман етпегенмен.
Бүгин 400 ден аслам жумыс орнын ашқан, электрон саўда тараўында мәмлекетте дәслепки қәдемлерди қойған, сондай-ақ, жүзден аслам китап шығарылыўы ҳәм полиграфия тараўындағы өзгерислерге себеп болған "Asaxiy Books" жойбарының тийкарын салыўшысы сыпатында буны еслесем, мәмлекеттеги өзгерислер инсан тәғдирине қаншелли тәсир ететуғыны, адамлардың өзлери билмеген жаңа қырларын ашыўына жәрдем беретуғыны ҳаққында ойламан.
Исбилерменликке көзқарасларым Францияда жоқары билим алыў дәўиримде ҳәм китаплар себепли қәлиплести. Қой бағып өскен аўыл жигити ең бай мәмлекетлерден бирине барып, бир жағдайды байқадым: социаллық мәмлекет болыўына қарамастан, Францияда турмыс базар қатнасықлары тийкарына қурылған. Ол жерде базар экономикасы гүман астына алынбайды. Оннан жәмийет абаданлығы ушын қалай пайдаланыў ҳаққында тартыслар болады. Мектеп, емлеўхана ҳәм жоллар, халық ушын қолайлы инфраструктура жаратылыўына бизнес төлеген салықлардың әҳмийетин өз көзим менен көрдим. Сол ўақыттың өзинде-ақ бизнестиң мәмлекеттеги абаданлықта тутқан орны ҳәм әҳмийетин аңлап, Өзбекстанда да еркин базар жаратыў ушын ҳәрекетлер бола ма екен, қашан бизде мәмлекет бизнестиң әҳмийетин аңлайды ҳәм исбилерменлик ушын шараят жаратады, деп әрман еткен едим.
Оқыған китапларым да исбилермен инсаният келешегин өзгерте алыўы, өзи байып, халықты да, мәмлекетти де байыта алыўы мүмкинлиги ҳаққындағы түсиниклеримди пүткиллей өзгертип жиберди.
Хош, бизнес деген не? Ең әпиўайы анықламасы: қун жаратып, пайда көриўди гөзлеген ғәрезсиз экономикалық хызмет. Оны көбинесе байлық пенен алжастырады. Байлық болса активлерге ийелик етиў, бизнес болса оларды жаратыў қуралларынан бири ғана. Адам мийрас, жоқары ис ҳақы яки туўры инвестиция арқалы да байыўы мүмкин. Керисинше, бизнес ашып, қарызға батқан исбилерменлер де аз емес. Исбилермен пайданы ойлап ислейди, бирақ өзи билип-билмей пүткил жәмийетке үлкен пайда келтиреди, ҳәмме ушын қун жаратады.
Ҳәкимшилик шешимнен бизнес шешимге өтиў абзаллығы
Бәринен бурын, ҳәр бир исбилерменлик жумысы қандай да бир машқаланың шешимине хызмет етеди. Жумысымыздың тийкары сол: машқаланы шешпесек, яғный талапқа жуўап бермесек, тутыныўшыдан пул ала алмаймыз. Адамлардың машқаласы бар, бул – талап. Исбилермен оған шешим береди, бул – усыныс. Аяқ кийим оңлайтуғын өнерменттен баслап халық аралық корпорацияға шекем — ҳәр бир бизнес кимниңдур машқаласын шешип, дәрамат табады. Алдыңғы компаниялар болса еле пайда болмаған талапты да алдыннан көреди. Генри Фордқа байланыстырылатуғын гәпти еслең: "Адамлардан не керек екенин сорасам, тез жуўыратуғын ат деп айтар еди". Мәмлекетте бизнес қаншелли күшли раўажланса, еркин базар принциплери әмелге асса, сонша көп машқалалар шешиледи. Бизнес қысылған сайын халықтың турмысы менен байланыслы машқалалар мәмлекеттиң жумысына айлана баслайды. Мәмлекет қандай да бир машқалаларды шешиўи керек болса, демек, бул бюджетке артықша қәрежет деген сөз. Енди бул машқалалар қун жаратыўдан гөре қәрежетке ийтермелейтуғын системаға айланады. Бизнес еркин болса, ҳәр бир тараўда халық пул төлеўге таяр. Усы тәризде машқалаларға таяр шешимлер қәлиплеседи. Көбинесе еркин базарда бәсеки артынан бизнес шешими ҳәкимшилик шешимнен арзан түседи.
Ең әҳмийетли мәнис
XXI әсирде инсан ең әҳмийетли ресурсқа айланбақта. Өзбекстан — жас мәмлекет. Жақында ғана халқымыздың саны 39 миллионнан асты. Ҳәр бир пуқара мийнет базарына кирип келгенге шекем оған мәмлекет ҳәм ата-ана бир неше жүз миллион, ҳәттеки, миллиардлап сумлық инвестиция киргизеди. Туўыў үйинен баслап емлеў, бақша, мектеп, денсаўлықты сақлаў ҳәм бала үлкейгенше оған хызмет көрсететуғын ҳәр қандай системаның баҳасы бар. Раўажланыў ушын инсан ресурслары әҳмийетли болғаны себепли де бул қәрежетлерди мәмлекет келешегине инвестиция деп айтыў мүмкин.
Енди мийнет базарына кирип келген бала экономика ушын қун жаратыўы, мәмлекеттеги улыўма қунға үлес қосыўы зәрүр. Соның есабынан өмир даўам етеди, мәмлекет раўажланады, кейинги әўладларға және де жақсы инвестиция киргизиледи. Гейде жүзлеген миллион сум менен мийнет базарына жетип келген инсан ислемеўи ямаса басқа бир мәмлекет ушын ислеўи инвестицияның пайдасын бираз, гейде толық жоққа шығарыўы мүмкин. Усы мәнисте, бәринен бурын, ең әпиўайы жеке исбилермен де өзин жумыс пенен тәмийинлеп, мәмлекетте қун жаратады. Буннан тысқары, ол ашқан ҳәр бир жумыс орны мәмлекет экономикасына қосылған үлкен қун болып есапланады.
Ҳәмме нәрсениң баҳасы бар
Пул тек ғана бизнес ушын емес, ал мәмлекет турмысы ушын да организмдеги қан сыяқлы әҳмийетли. Әйне ол мәмлекетте экономикалық система ислеўиниң тийкары есапланади. Ҳәр бир пуқара пайдаланатуғын инфраструктурадан баслап хызметлерге шекем — ҳәммесиниң баҳасы бар. Бул әпиўайы жол, темир жол, билимлендириў, медицина ямаса қәўипсизлик хызметлери бола ма, қулласы, мәмлекет көрсететуғын ҳәр қандай хызметтиң баҳасы бар. Оған ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен пул ажыратылады. Мине усы бюджеттиң қәлиплесиўинде салықлардың әҳмийети үлкен. Исбилермен раўажланып, көбирек қун жаратып, сол қуннан көп салық төлесе, мәмлекет сонша бай ҳәм қүдиретли болады. Ол социаллық системадан баслап пуқараларға хызмет көрсетиўге де сонша қаржы ажырата алады. Мәселен, 2025-жылы Өзбекстанда улыўма жыйналған салықлардың муғдары 272,3 триллион сумды қураған. Демек, исбилермен төлейтуғын ҳәр қандай салық тек ғана мәмлекет оннан алған пул емес, ал мәмлекеттиң абаданлығы ушын қосылған үлес болып табылады. Әпиўайы бир бала класста отырып, оқытыўшының айлығы, мектеп имаратының баҳасы, ондағы үскенелер ҳәм хызметлердиң баҳасы ҳаққында ойламаўы тәбийғый. Бирақ булардың артында ҳақыйқый қәрежетлер ҳәм анық санлар турыпты. Демек, төленген ҳәр бир сум салық ақыр-аяғында өз алдына ҳәр бир пуқараның турмысына тәсир етеди.
Пайда инновацияға ийтермелейди
Инновациялар, илим жетискенликлерин бурынғы совет аймағында академиялық топарлардың жетискенлиги сыпатында көриў, олардан күтиў әдети қәлиплескен. Негизинде, дүньяда бүгин инновациялардың үлкен бөлегин жеке меншик сектор – бизнес жаратады. Ол өзи билип-билмей, тек ғана дәраматты көбейтиў, бәсекиде үстинликке ийе болыў ушын жаңалықлар ислейди. Мине, усы излениўлер ақыр-аяғында жаңа шешимлерге, жаңа қолайлықлар ҳәм жаңа инновацияларға алып келеди. Ҳәзир дүньяда илимий излениў ҳәм шешимлерге ең көп инвестиция киргизетуғынлар дегенде, бәринен бурын, “Amazon”, “Huawei”, “Samsung” сыяқлы гигант компаниялар санап өтиледи. Олар да бизнес сыпатында бәсекиде үстинликке ерисиў ушын жаңалықлар үстинде ислеўге мәжбүр. Бәринен бурын, инновация тек ғана жаңа қолайлық, жаңа шешим, бир исти басқаша ислеў усылы, десек, бул үлкен ямаса киши бизнес болыўына қарамастан, ҳәр бир исбилерменге тән тәреп болып шығады. Кимдур пицаны суўытпай, 15 минутта жеткерип бериў жолын табады, және кимдур тығылысларды азайтыў мақсетинде ушыўшы такси машинасын ойлап табады. Дурыс, нәтийжеде мақсет дәраматты арттырыў, бирақ мине усы мақсет толық бәсекили базарда бизнес раўажланыўы, үлкен экосистемаға айланыўы, мәмлекетти раўажланыўға ийтермелеўи мүмкин. Бүгин биз Қытай әжайыбаты ҳәм ондағы үлкен өзгерислер ҳаққында сөйлеўди жақсы көремиз. Бирақ кемнен-кем жағдайда Қытай базарындағы бәсеки, усы бәсекиде бизнес ислеп атырған инновациялар ҳәм жаңалықларды тән аламыз. Бүгинги Қытай ишки базарында бәсеки соншелли күшли, онда жеңип шыққан бизнес ушын енди дүньяда жеңип шығыў оншелли қорқынышлы емес.
Демек, бизнес дәрамат мақсетинде шөлкемлестирилген ғәрезсиз экономикалық хызмет сыпатында өзи аңламастан мәмлекет ушын шексиз қун жаратады, абаданлыққа үлес қосады ҳәм мәмлекетти раўажландырыўда алдынғы орынларда турады.
Өтмишке нәзер
Саўда адамзаттың ең әййемги шуғылланыўларынан. Регионымызда болса ол айрықша әҳмийетке ийе. Бухара, Самарқанд ҳәм Хийўаның Уллы жипек жолы орайында жайласқаны өнерментшилик ҳәм саўданың гүллеп-жаснаўына себеп болған. Бухарадағы Тоқи саррофон, яғный пул алмастырыўшылар гүмбези буған тарийхый гүўа. Соннан келип шыққан ҳалда, биз тарийхый жақтан Бухара, Самарқанд, Хийўа сыяқлы қалалар әтирапында дүнья экономикасына интеграцияланған исбилермен миллет болғанбыз, деп исенимли айтыўымыз мүмкин. Халық тилинде айтқанда, исбилерменлик өзбектиң тийкарғы қанында бар.
Бирақ XVII әсирден саўда жоллары теңизге көшкени ҳәм ханлықлар арасындағы ишки келиспеўшиликлер күшейиўи турғынлыққа себеп болды. Ҳақыйқый соққы болса XX әсирде берилди. Совет ҳәкимияты мүлк ийелери ҳәм исбилерменлерге қарсы аяўсыз гүрести: мал-мүлк конфискация етилди, көпшилик репрессияга ушырады ямаса сүргин етилди. Жетпис жыл даўамында исбилерменлик жынаятқа теңлестирилди, "саўдагер" тамғасы менен қамаққа алыныў әдеттеги жағдай еди. Бул узақ тарийх емес, кешеги күнимиз. Сол себепли, ғәрезсизликке 35 жыл толған болса да, бай адамды "өзгенин есабынан байыған" шахс деп билетуғынлар елеге шекем ушырасады.
Ғәрезсизликтен кейинги дәўир де тегис өтпеди. 1990-жыллар басындағы еркинликтен соң валюта конвертациясы жабылды. Шегаралар жабылды. Ишки базарда мәмлекет үлесине ийе ири монополиялар пайда болды. Турақлы тексериўлер, банклердеги машқалалар, аўыр салық жүги ҳәм қағазпазлық себепли көпшилик ушын жасырын жумыс ислеў нызамлы жумыс ислеўден аңсатырақ болып қалды. Исбилерменлер ҳәттеки раўажланыўдан қорқып қалды. Себеби, белгили дәрежеге жеткенде, "маска шоу" басланып қалмаўына, бир күнде жыллап жыйнағаныңнан айырылмаўына ҳеш ким кепиллик бермейтуғын еди. Жоқарыда айтқанымдай, сол дәўирде "Өзбекстанда байлар болмайды" деген сөзлер ҳәтте үлкен минберлерден жаңлаған еди.
2016-жылдан кейин жағдай кескин өзгерди. Ядымда: мәмлекетимиз басшысының дәслепки қарарларынан бири бизнести тексериўге мораторий жәриялаў болған еди. 2017-жылы валюта конвертациясы ашылды. Салық реформасы өткерилди. Қосымша қун салығы 2023-жылдан 15 проценттен 12 процентке түсирилди. Ең соңғы жәрдем болса өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын салық ставкасының айланыстан 1 процент етип белгиленгени болды. Жәҳән банкиниң 2020-жылғы "Бизнес жүргизиў" есабатында Өзбекстан бизнес ашыў қолайлығы бойынша дүньяда 8-орынды ийеледи. Мәмлекет өз ўәкилликлериниң бир бөлегин әсте-ақырын базарға босатып бермекте. Социалистлик өтмиштен шығып келген мәмлекет ушын бул әҳмийетли бурылыс.
Мәмлекет – төреши, ойыншы емес
Пост-совет мәканындағы көп мәмлекетлерде болғаны сыяқлы бизде де экономиканы көбинесе мәмлекет жетеклеп барады. Нормал базар экономикасында мәмлекеттен тысқары, бул жеке меншик бизнестиң де ўазыйпасы. Мәмлекеттиң жумысы ойын қағыйдаларын белгилеў, олардың орынланыўын тәмийинлеў, әдалатсыз бәсекиниң алдын алыў ҳәм салық өндириў болып табылады. Яғный ол топты өзи теппеўи, керисинше, майдандағы төреши болыўы керек. Кейинги жыллары исбилерменлер арасында "Жәрдем бермесе де мейли, кесент етпесин" деген сөз бийкарға белгили болған жоқ. Жаңа Өзбекстанда исбилерменликке тосқынлықлар жылдан-жылға азайтылып, меншиклестириў процеси жеделлескени де мине усы дурыс системаға тасланған салмақлы қәдемлер болып есапланады.
Бюрократия — салықтан да аўыр тосық. Бизнеске жеңиллик дегенде көбинесе салық жеңиллиги түсиниледи. Негизинде артықша қағазпазлық — көп жағдайларда үлкен тосқынлық. Испанияның Канар атаўларында тутыныў салығы тек 7 процент, материктеги ҚҚС болса 21 процент. Соған қарамастан, "Amazon" атаўларға көп өнимин жеткерип бермейди: 150 евродан қымбат ҳәр бир жүк ушын өз алдына бажыхана декларациясы талап етиледи. Күнине мыңлап буйыртпаны көз алдыңызға келтириң. Атаўдағылар арасында "Amazon"ға Канарға келиўден гөре Айға ушыў аңсат" деген ҳәзил жүреди. Исбилермен бизнесин раўажландырыў, көбирек дәрамат табыў орнына өмирин тек бюрократия ҳәм қағазпазлық пенен өткеретуғын болса, оған жумсалатуғын пул ҳәм күш тийкарында ең жоқары салықтан да жаман қәўип болып есапланады. Бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм талап етилетуғын ҳүжжетлер санының жылдан-жылға азайып барыўы, электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономиканың раўажланыўы, исбилерменниң мәмлекетлик шөлкемлер, қадағалаўшы уйымлар менен байланыслылығы минимал дәрежеге түскенлиги, әлбетте, жаңа Өзбекстанның ең үлкен табысларынан.
Өзбекстан, өзбекстанлы исбилерменлер ушын халықаралық инвестицияларды тартыў үлкен машқала еди. Соңғы он жылда жағдай кескин жақсыланды. Бүгин елимиз инвесторлар умтылатуғын мәмлекетлерден бирине айланды. Себеби инвестицияны тартыў ушын төмендеги бес шәрт әҳмийетли:
- глобал экономикаға интеграцияласыў;
- халық аралық нормаларға сәйкес нызамлар ҳәм олардың үстинлиги;
- басшылықтың кейпиятына қарап өзгермейтуғын турақлы қағыйдалар;
раўажланған банк-финанс системасы;
- сапалы кадрлар ҳәм инфраструктура.
Жаңа редакциядағы Конституциямызда жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы және монополистлик жумыстың нызам менен тәртипке салыныўы ҳәм шеклениўине байланыслы нормалар беккемленген. Енди бул нормалар еркин суд ҳәм әдил орынлаў арқалы әмелде ислеўи керек.
Мәмлекетимиз жағдайды дурыс аңлап, еркин базар, исбилерменликтиң раўажланыўы жолында үлкен қәдемлер таслағаны абаданлық ушын пайдалы жол. Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкеми менен тарифлер ҳәм хызметлер бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлерди дерлик жуўмақлады. 2027-жылы ЖСШға ағза болыў глобал экономикаға интеграциямызды және мисли көрилмеген көлемге алып шығыўы мүмкин.
Экономиканың тиреги
Социаллық тармақларда "мәмлекет үлкен завод-фабрикалар қурса, жумыс орны өзи пайда болады", деген пикирлерди көп ушыратаман. Бирақ дүнья базарында бәсекилесе алатуғын ири кәрхана ушын қәниге, технология, нәтийжели басқарыў ҳәм үлкен инвестиция керек. Буйрық пенен қурылған, өними базарда бәсекилесе алмайтуғын кәрхана көбинесе коррупция ҳәм "откат" дәрегине айланады. Экономикалық өсиў қун жаратылыўының нәтийжеси. Қунды болса базардағы талапты қанаатландыра алатуғын бизнес жаратады. Усы жағынан киши бизнестиң әҳмийетин төмен баҳаламаў, мәмлекет те ҳәр бир қарар ҳәм жаңа нызамды тек ғана үлкен бизнестиң мәпи ҳәм көзқарасынан емес, көбирек киши бизнес көзқарасынан келип шығып қабыл етиўи әҳмийетли, деп ойлайман.
2025-жыл 1-октябрь жағдайына бола, мәмлекетимизде 1 миллион 212 мың киши исбилерменлик субъекти жумыс алып барған. Олардан 479 мыңы киши кәрхана ҳәм микрофирмалар. Буннан тысқары, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың саны 5 миллионға жетти. Яғный экономиканың ярымынан көби ири заводларда емес, киши дүкан, цех, хызмет көрсетиў шақапшасы ҳәм дийқан хожалықларында жаратылмақта.
Негизинде бул жетискенликлердиң барлығы жаңа Өзбекстандағы реформалар жумыс ислегенин ҳәм процесс даўам етип атырғанын көрсетеди. Избе-излик ҳәм турақлы қәдемлердиң даўам етиўи бизнестиң раўажланыўына және де көбирек үлес қосады, деп исенемен. Избе-излик ҳәм турақлылық болса, исбилермен бес-он жылға мөлшерлеп реже дүзеди, үлкенирек жойбарлар ҳаққында ойлайды.
Киши адым, узын шынжыр
Бизнестиң жәмийетке тәсири дәрҳал көринбейди. Ол шынжыр болып узаяды. 1884-жылы калифорниялы темир жол магнаты Лиланд Стенфордтың 15 жасар баласы тифден қайтыс болды. Әке перзентиниң естелигине өз жеринде университет қурдырды. Ол 1891-жылы студент қабыллай баслады. Кейинирек усы университет профессоры Фредерик Терман шәкиртлерин идеяларын коммерцияластырыўға шақырды. Олардың арасынан АҚШтың компьютерлер, ноутбуклар, принтерлер, сканерлер ҳәм басқа да информация технологиялары қурылмаларын ислеп шығарыўшы белгили компаниясы — Hewlett-Packard тийкарын салыўшылары шықты. Бүгин университет әтирапында Кремний алабы жайласқан. Калифорния экономикасы болса баҳасы бойынша тек АҚШ, Қытай ҳәм Германиядан кейин 4-орында турады. Булардың басында бир әкениң қайғысы ҳәм бир қарар турыпты.
Екинши мысал Бангладешке тийисли. 1979-жылы Қубла Кореяның “Dаеwоо” компаниясы жергиликли бирге ислесиўши менен тигиўшилик фабрикасын ашыў ушын 130 бангладешликти Кореяға оқыўға алып кетти. Бирге ислесиў узақ даўам етпеди, бирақ билим алған хызметкерлердиң көбиси кейин ала өз кәрханасын ашты. Бүгин Бангладеш дүньяның ең ири кийим-кеншек экспорт етиўшилеринен бири.
Бүгин арзымағандай көринген қәдем ертең пүткил бир тараўды жаратыўы мүмкин. Әҳмийетлиси, бундай қәдемлерге тосқынлық етпеў: мәмлекет еркинлик, мүлк ҳуқықы ҳәм нызам үстинлигин кепиллеўи, жәмийет болса жаңа идеяларға ашық болыўы керек.
Исбилерменликке "байыў жолы" деп емес, ал мәмлекет ҳәм жәмийет абаданлығының тийкары деп қараў ўақты келди. Исбилермен машқаланы шешеди, өзин ҳәм басқаларды жумыс пенен тәмийинлейди, салық төлейди, жаңалық жаратады. Оның ушын оған жеңиллик, қәўендерликтен тысқары ҳәмме ушын тең ҳәм турақлы қағыйдалар, мүлкке қол қатылмаслығы, әдил бәсеки де керек. Биз 10 жылда исбилермен "саўдагер" деп қаралатуғын мәмлекеттен исбилерменге муғаллим, шыпакер, әскер сыяқлы мәмлекет ушын әҳмийетли кәсип ийеси сыпатында қарайтуғын жәмийет дәрежесине жетип келдик. "Саўдагер"ден және исбилермен миллетке айландық. Солай екен, бул жолда турақлы болыўымыз керек.
Мәмлекеттиң ўазыйпасы төрешилик. Жәмийеттиң ўазыйпасы исбилермен мийнетин ҳәм интеллектуаллық мүлкти ҳүрмет етиў. Исбилерменниң ўазыйпасы болса глобал ойлап, жергиликли ҳәрекет етиў. Мине усы шәртлер орынланса, бүгинги аўыл жигити елши болыўды емес, өз компаниясын қурыўды әрман етеди. Уллы жипек жолы мийрасхорлары ушын бул әрман жат емес.
Фируз АЛЛАЕВ,
"Asaxiy" компаниясы шөлкемлестириўшиси,
"Шуҳрат" медалы ийеси