Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Хабарда атап өтилиўинше, 2026-жыл зүрәәти ушын 2 мың
91 фермер хожалығы тәрепинен жетистирилген 124 мың 900 тонна ғәлле зүрәәти
жыйналды.
Бул нәтийже мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўды
раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў
ҳәм заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў бағдарында алып барылып
атырған реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Ерисилген жетискенликте ғәллекеш фермерлердиң
машақатлы мийнети, агрономлар, механизаторлар, тараў қәнигелери және
жыйын-терим процесинде белсене қатнасқан барлық хызметкерлердиң мүнәсип үлеси
бар.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.