Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз Ақтеңге Кеунимжаева 50 кг салмақ категориясында мүнәсип қатнасып, барлық қарсыласларынан үстем келди.

Кескин беллесиўлер менен өткен жекпе-жеклер жуўмағы менен Ақтеңге 1-орынды ийелеп, алтын медалды сайланды командамыз есабына жазып қойды.