Илажда Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети
қәўипсизлиги басқармасы баслығының орынбасары Ф.Оманов ҳәм басқа да қәнигелер
тәрепинен жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, жол ҳәрекети қағыйдаларына
қатаң әмел етиў ҳәм жолларда қәўипсиз ҳәрекетлениў мәдениятын қәлиплестириў
сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қәнигелер тәрепинен пиядалар ҳәм айдаўшылар ушын
белгиленген тезлик нормаларына әмел етиў, мәс ҳалында транспорт қуралын
басқарыў қатаң қадаған етилиўи, сондай-ақ, пиядалардың жолды тек ғана белгиленген
орынлардан кесип өтиўи зәрүр екенлиги түсиндирилди.
Бундай үгит-нәсият илажлары студент-жаслар арасында
жол ҳәрекети қағыйдаларына болған итибарды күшейтиў, оларда жуўапкершилик ҳәм
қырағылық сезимин қәлиплестириў, ең әҳмийетлиси – жолларда жүз бериўи мүмкин
болған кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўға жәрдем береди.
Сондай-ақ, илаж даўамында жол ҳәрекети қәўипсизлигине
байланыслы көргизбели қураллар көрсетилип, олардың әмелий қолланылыўы, айрықша
жағдайларда дурыс ҳәрекетлениў тәртиби, жол белгилериниң мазмуны ҳәм
қәўипсизлик қағыйдаларының турмыслық әҳмийети қатнасыўшылардың итибарына
жеткерилди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған
сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.