Роман қаҳарманы Милдред мийин экранлардағы "таяр жуўаплар ҳәм сценарийлер"ге тапсырып қойғаны себепли, өз өмириндеги ең әҳмийетли еске түсириўлерди де еслей алмайтуғын когнитив "атрофия" жағдайына түсетуғын еди. ... Ақылға сыймайтуғын "фантазия" еди-ғо сонда?! Автордың қыялый фантазиясы, ғайры тәбийий экстрополяциясы деп қаралған өтмиш ескертиўлери бүгин көз алдымызда ҳақыйқатлыққа, күнделикли ҳақыйқатлыққа, қадембе-қадем елес емес, суўық ҳәм рейимсиз турмысқа айланбақта. Солай...

Ҳәзир Милдред сыяқлы тәбиятлы адамлар фантастикалық шығармаларда емес, қасымызда, бир аудиторияда, бир бөлмеде ямаса бир столда арамызда жасап атыр. Олар турмысының дизгинин ҳәм қыялының дизгинин жасалма интеллект алгоритмлерине соншелли сөзсиз ҳәм исеним менен тапсырып қойған, "Милдред синдромы" деп аталыўшы когнитив ғәрезлиликти әлле қашан өзлерине жуқтырып алғанға уқсайды. Яғный, бул тайпа адамларға ойлаў машақат, пикирлеў - керексиз жүк, излениў - артықша ўақыт ысырап етиў. Биз енди сол китапты тек ғана фантастика деп оқып атырғанымыз жоқ — бүгин романның тири, жанлы ҳәм айрықша бийпәрўа "қаҳарманларына" айланып болдық. Себеби турмысымызды жасалма интеллект, алгоритмлер, бир секундта таяр жуўап беретуғын генератив платформаларсыз көз алдымызға келтире алмай қалдық. Күнделикли кеңесгөйимиз, дос ҳәм баўырымыз да соларға айланды. Себеби - жасалма интеллекттиң тартымлылығында. Оны тек ғана инсан ой-пикирин "татландырыўшы" ямаса когнитивлик жалқаўлықты пайда етиўши жаўыз технология деп билиў оның теңсиз қүдиретине болған әдалатсызлық. Оның жәрдеминде ҳәптелеп, айлап талап етилетуғын миллионлаған мағлыўматлар океанын бир неше минутта жүзип өтиў ҳәм ең керекли дүрдананы ажыратып алыў мүмкин. Медицинада ең қыйын диагнозларды қойыў, өтмиште жыллап ўақыт алған жаңа дәри формулаларын секундларда сынақтан өткериўде де жасалма интеллекттиң үлеси шексиз. Солай екен, жасалма интеллект инсан мийин алмастыратуғын орган емес, ал имканиятларын мың есеге арттыратуғын "көзәйнек" ҳәм "двигатель" болып есапланады. Тап микроскоп көзге көринбейтуғын әлемди көрсеткени сыяқлы жасалма интеллект те ақыл ҳәм көзқарасымыздың көк жиегин шексиз кеңейтпекте. Ол дурыс ҳәм ақылға уғрас қолланылғанда, адамзатты мағлыўматлар батпағынан интеллектуаллық шыңларға алып шығатуғын ең қүдиретли зәңгиге айланады. Демек, қәўип жасалма интеллекттиң өзинде емес, ал оның пультын услап турған инсанның оған мүнәсибетинде.

Ойлаў ушын студентлериме тема бердим. Жүдә әпиўайы, қурамалылықтан жырақ, артықша басымларсыз тема. Аудиториядағы студентлер өз пикирлерин айтыўға таярланды. Бирақ қорқынышлысы сонда, дерлик ҳәммеси қолындағы суўық экранларға тигилип, бир-бирине оғада уқсас жуўапларды оқыўға киристи. Олар жөнли, грамматикалық кемшиликсиз болса да, оғада сезимсиз, жасалма ҳәм қурғақ еди. Менде бул жағдай тап қәпестеги үй бүлбиллериниң бир қәлипте, механикалық сайрап атырғандай елеслетти... Олар өз ерки менен ойлаў машақаты ҳәм пикирлеў жуўапкершилигин алгоритмлерге тапсырып қойғандай сезилди маған.

Ҳәр бир студенттиң жуўабында бир қәлип, руўхыйлық ҳәм жасалма алгоритмниң жаңғырығы бар еди. Жуўапларда жеке кеширмелер, турмыслық мысаллар сыяқлы қызғын сезимлер жоқ еди. Ең ашынарлысы — оларға "Бул пикирге өзиңиз қалай қарайсыз, тексттеги мынаў гәпти не ушын пайдаландыныз?" деп сораў бергенимде, аудиторияға аўыр, муздай тынышлық орнады. Сулыў етип оқылған сол бир неше бетлик "кәмил" тексттиң бирде-бир қатары олардың кеўлинен орын алмаған, мийинде из қалдырмаған... Ҳақыйқый ҳақыйқат сонда, инсан пикирлеўи менен тири, жеке қыяллары, дүньяқарасы менен мәңги. Тилекке қарсы, бүгин айырым адамлардың руўхый дүньясына өтип үлгерген "Милдред синдромы" әне усы тирилик ҳәм өзликти кем-кем жемирип атырғандай, өмир шамын өширип атырғандай...

Ядымда. 9-класта оқыйтуғын едим. Тахтакөпир районындағы аўыллардың бириндеги ықшам мектеп. Әдебият пәни муғаллимимиз "Ана ҳәм Ўатан" темасында шығарма жаздырды. Сонда жүрегимнен төгилип қағазға түскен қатарлар қыялымнан шықпайды. Ручка арқалы жылтыраған сөзлер маржаны соншелли ҳақ кеўилли ҳәм оғада сулыў еди... Ҳәр бир сөзди тапқанша мийимде мың толқын, пикир излеп жүдә қыйналдым. Сабақтан соң қолыма "5" қойылған шығармамды услатып атырып муғаллимим: "Қызым, сөз бенен "алысыў", терең пикирди суў түбинен излеп табыў ақылдың ең гөззал шынығыўы. Пикир "қыйналған" жерде ақыл ҳәм сезим үлкейеди", деген еди. Соннан бери бул гәплер кеўлиме беккем орналасып қалды. Негизинде ҳәр қандай уллы ашылыў ямаса технология инсаниятты жоқарылатыў, оны аўыр физикалық ҳәм интеллектуаллық жүктен азат етиўге хызмет етиўи керек. Бирақ егер биз пикирлеў машақатынан, сол 9-кластағы қағаз үстинде тер төгиў, сөз излеп қыйналыў заўқынан ўаз кешсек, технология бизге жәрдемши емес, ал бизди басқарыўшы "хожейин"ге айланып қалады.

Стэнфорд университети ҳәм дүньяның жетекши билимлендириў орайлары өткерген соңғы бақлаўлар да бул қәўипти тастыйықлайды: технологияға ҳәдден тыс бай жасларда сын көзқарастан пикирлеў, машқаланың түбине жетиў ҳәм өз пикирин еркин билдириў қәбилети кескин төменлейди. Буны "когнитив атрофия", яғный исленбеген булшық еттиң кеўип қалыўына теңейди. Қорқынышлы! Жүдә-жүдә!..

Ал, бул "кеселлик"тиң еми не? Раўажланыў океанында жүзип атырған адамзат ушын алгоритмлер берип атырған бул таяр бойсыныўшылық ийриминен шығыўдың илажы бар ма? Мениңше, буның ушын ҳеш қандай сырлы "рецепт" керек емес, тек ғана миллий ағартыўшылық ҳәм саламат пикирлеў үстинлигин тиклеў жеткиликли.

Дәслеп "когнитив детокс" ҳәм онлайн гигиена мәдениятын қәлиплестириў зәрүр. Физикалық аўқатланыўда мазалы нәрселерден ўаз кешип атырғанымыз сыяқлы, санлы дүньяда да мийди ҳәр күни таяр жуўаплар менен "азықлаў"ды шеклеў зәрүр.

Екиншиден, билимлендириў процесинде "инсан факторы ҳәм авторлық мөри"н қатаң талап етиў зәрүрлиги туўылады. Мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында студенттиң таяр нәтийжесин емес, ал оның пикирге жетиў процесиндеги машақатлы излениўи, логикалық бақлаўын терең баҳалаў системасына толық өтиў керек.

Буннан тысқары, жасларда мәлимлемеге шыдамлылық ҳәм сын иммунитетин күшейтиў керек. Ҳәр қандай таяр мәлимлемени көзсиз қабыл етпей, оны таллаў, гүман астына қойыў ҳәм жеке дүньяқарас елегинен өткериў көнликпесин жасларымыздың санасына сиңдириў дәўирдиң ең баслы талабы болып есапланады.

2023-2024-жылларда Европаның бир қатар мәмлекетлери ҳәм АҚШтың Нью-Йорк, Лос-Анджелес қалалары мектеплери жасалма интеллектти дәрҳал қадаған етиўге ҳәрекет етти. Бирақ қадаған етиў машқаланы пүткиллей шешпеди. Қайтама оқыўшылар үйге тапсырма, шығарма ҳәм ҳәттеки логикалық мәселелерди де ойланбастан “ChatGPT” арқалы тапсыра баслады. Ақырында оқытыўшылар оқыўшылардың өз пикирин жазба түрде билдириў, сын көзқарастан пикирлеў ҳәм тексттиң тийкарғы мәнисине жетиў көнликпеси кескин төменлеп кеткенин анықлады. Айырым илимий топарлар буны "әўладтың ақыллы қулға айланыўы" деп атай баслады. Бредбери буннан жетпис жыл бурын бизди усылай ескерткен еди. Сол фантастика бүгин айнамыз, дәрўазамыздың алдында. Ҳәзирги ўақытта таңлаў алдында турмыз: я мийимизди алгоритмлерге бойсындырып, когнитив ериншеклик дузағына батамыз, яки ҳәр қандай шараятта пикирлеўимизди, өзлигимизди ҳәм шын кеўлимизди сақлап қаламыз.

Бүгин жасалма интеллект усы дәўир ҳәм оның адамлары ушын "жаңа имтихан"ға айланды. Бул имтихан қағаздағы формулалар, қуры санлар сынағы емес — ол инсанның өзлиги, ой-пикири ҳәм қәлби менен жасаў ҳуқықын сақлап қалыў жолындағы ҳүждан сынағы. Алгоритмлер бизиң орнымызға жазыўы, есаплаўы ҳәм ҳәттеки анализ етиўи мүмкин, бирақ олар ҳеш қашан инсанның өз басынан кеширген дәрти, қуўанышы ҳәм турмыслық жуўмағын тәкирарлай алмайды. Егер биз бул имтиханда жеңилсеқ, технология раўажланады, бирақ инсанияттың өзи руўхый жарлыққа кетеди. Тамам...

... Бирден ойланыўдан тоқтап қалдым. Мийимде ҳеш бир қыял, ҳеш бир логикалық шынжыр қалмады. Жүрегимди қорқынышлы албыраўшылық ҳәм қорқыныш бийлеп алды: өзимди таппайман, сөзлерди бир-бирине жалғай алмайман, ойымды жәмлей алмай қатты қыйналып атырман. Тап мениң барлығым ҳәм ақылым денемнен үзилип түскендей болды... Жасап атырман да, жасамай атырғандайман. Руўхым салбырап тур. Кеўлим оғада түскин. Езилип, женшилип баратырман. Мен жоқлыққа қарай баратырман. Бақырыўға күшим жетпейди, ҳәтте буны ойлаўға да пурсат таппайман. Қандай қорқынышлы галактикадаман...

Шоршып ояндым. Қарасам, "қара суў, қара тер"ге батып жатырман. Руўхым сынып кеткендей, иш-ишимнен ада болдым. Жақсы болғаны, булардың ҳәммеси түс екен. Қәнекей... қәнекей бүгин айырым жаслардың санасы ҳәм турмысы жасалма интеллектке байланысып қалған бул ашшы реаллық та жаман түс болса... Болса жақсы болар еди! Болмаса жаман...

Қумар БЕГНИЯЗОВА,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры,

филология илимлериниң докторы