Қазақстан пайтахтына сапары шеңберинде мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия жетекшилериниң Ақаба процеси шеңберинде жасалма интеллект тараўында қәўипсизлик мәселелери бойынша ушырасыўында қатнасты.

Халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў, санлы технологиялардың раўажланыўы менен байланыслы жаңа қәўип-қәтерлерге биргеликте жуўап қайтарыў мәселелери көрип шығылды.

Илаж шеңберинде Өзбекстан жетекшиси Иордания Патшасы Абдулла II менен ушырасты. Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Президентлери, Әзербайжан ҳәм Қырғызстанның жоқары мәртебели ўәкиллери, Ақаба процесиниң модераторы менен де сөйлесиўлер болып өтти.

Астана халықаралық аэропортында Өзбекстан Президентин Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев шығарып салды. Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.