"Сизге ҳәм дос Америка халқына көп миллетли Өзбекстан халқы атынан ең жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Сизиң мәрт ҳәм күш-ғайратлы басшылығыңызда АҚШ өзиниң экономикалық қүдирети ҳәм тәсирин избе-из беккемлеп, глобал раўажланыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқармақта, барлық мәмлекетлер менен әмелий бирге ислесиўди жедел раўажландырмақта", - делинеди қутлықлаўда.

Президентимиз бундай унамлы процесслер Өзбекстан менен АҚШ арасындағы қатнасықларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратып атырғаны, өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм улыўмалық мәплерге тийкарланған байланыслар жаңа мазмун менен байып атырғанын атап өтти.

Хатта өз-ара саўда көлемин арттырыў, инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, оғада әҳмийетли минерал ресурслар ҳәм инновациялық кооперация тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў еки тәреплеме шерикликтиң тийкарғы бағдарлары екени атап өтилген.

Қәўипсизлик тараўындағы сөйлесиў ҳәм әмелий шерикликти буннан былай да беккемлеўден де мәпдарлық билдирилди. Нызамсыз миграция, терроризм, экстремизм, трансмиллий жынаятшылық, наркотиклердиң нызамсыз айланысы ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде биргеликтеги ҳәрекетлерди кеңейтиўге айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы регионаллық ҳәм глобаллық форматлардағы, бәринен бурын, "С5+1" платформасы, БМШ ҳәм басқа да халықаралық институтлар шеңбериндеги бирге ислесиў Президент Дональд Трамптың белсене жәрдеминде буннан былай да сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилетуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Президенти, сондай-ақ, америкалы кәсиплеси менен быйыл декабрь айында Маями қаласында болып өтетуғын "Жигирмалық топар" саммити шеңберинде ушырасыўды үлкен қызығыўшылық пенен күтип атырғанын атап өтти.