Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм ўәлаятында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы күтиледи. Ҳаўаның температурасы 24-29°.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта
жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы 25-27°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы
жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самал 9-14 м/с
тезликте еседи.