"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда
кешке қарай азмаз ўақытқа жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың
тезлиги 3-8 м/с, 12-14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен
бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 27-29°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самал 9-14 м/с тезликте еседи.