- Орай тәжирийбе-сынақ жумысларын өткериў ушын экспериментал майданлар жаратады, — дейди Аралбойы халықаралық инновация орайының директоры Бахытжан Ҳабибуллаев. - Онда инновациялық технологиялар ҳәм илимий қатнаслар сынақтан өткериледи. Соның ишинде, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, шөл ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерди интродукциялаў және оларды жергиликли шараятқа бейимлестириў жумыслары орынланады. Сондай-ақ, аймақларда экологиялық саламат орталықты қәлиплестириў, жасыл энергетика ҳәм агро тоғай мелиорациясын раўажландырыў бойынша жумыслар исленеди. Орай халықаралық шөлкемлер менен экологиялық машқалаларға шешим табыў, инновацияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша бирге ислеседи.
Орай илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша 80 нен аслам сырт ел ҳәм жергиликли шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў ҳаққында келисимлер ҳәм меморандумларға қол қойған. Соның ишинде, Қытай Илимлер академиясының Синьцзян Экология ҳәм география институты менен Аралбойы регионында жасыл технологияларды изертлеў, ислеп шығыў ҳәм көрсетиў бойынша қоспа лаборатория шөлкемлестириў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылған. Буның ушын орайға баҳасы 127 мың долларлық лаборатория үскенелери жеткерип берилди. Ҳәзир қәнигелескен лаборатория жумыс баслаған. Онда Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң тәжирийбеси және технологияларынан экологиялық тиклениў, суўды үнемлеў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, суў ресурсларынан турақлы пайдаланыў ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда пайдаланылады. Ҳәзирги ўақытта жойбарлар шеңберинде топырақ ҳәм суўдың шорланыў дәрежеси, сондай-ақ, басқа да көрсеткишлер бойынша лабораториялық анализлер өткерилмекте.
Сондай-ақ, Синьцзян Экология ҳәм география институты менен биргеликте Қарақалпақстанда дәрилик шөл женьшен (цистанхе)ин жетистириў жойбары да әмелге асырылмақта. Мойнақтағы илимий-өндирислик майданда қытайлы илимпазлар менен биргеликте шөл женьшени туқымы тәжирийбе тәризинде егилмекте.
Аралбойы халықаралық инновация орайы Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнология институты менен биргеликте және бир ири жойбар әмелге асырылды. Арал теңизи аймағында азық-аўқат қәўипсизлигин арттырыў ушын шарўашылық тараўында галофит өсимликлерден от-жем жетистириўдиң климатқа шыдамлы инновациялық қатнаслары ҳәм технологиялары атамасындағы жойбарға 2,8 миллиард сум ажыратылған. 2022-2025-жылларға мөлшерленген жойбар тийкарында шорланған топырақлардың экологиялық-мелиоративлик жағдайы комплексли баҳаланды. Дузланыўдың тийкарғы факторлары ҳәм зәҳәрли дузлардың вертикал тарқалыўына тәсири анықланды.
- Орайымыз Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты менен биргеликте баҳасы 969,42 миллион сумлық "Арал теңизиниң қурыған ултаны шараятында шөл азықлық өсимлик сортларын сынақтан өткериў ҳәм перспективалы түр сортларының бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў" атамасындағы 2022-2025-жылларға мөлшерленген жойбарды әмелге асырып келмекте. Оның шеңберинде шөл өсимликлериниң 400 килограмм туқымы Арал теңизиниң қурыған ултанына егилди. Жойбар нәтийжесинде қара сексеўилдиң "Нартүйе" ҳәм черкездиң "Барака" сортлары аймақ шараятына жақсы бейимлести. Соның менен бирге, жоқары шорланыў ҳәм азықлық затлардың жетиспеўшилиги тийкарғы шеклеўши фактор екени анықланды. Буны сапластырыў бойынша анық агротехникалық усыныслар ислеп шығылды, — дейди Бахытжан Хабибуллаев.
Абу-Даби раўажланыў фонды (БАӘ) "Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирис системаларын раўажландырыў" жойбарын қаржыландырмақта. 2023-2026-жылларға мөлшерленген бул жойбар Мойнақ ҳәм Нөкис районларындағы 2 гектар тәжирийбе майданында әмелге асырылмақта. Оның шеңберинде жүўериниң 23 сорты, Африка тарысының 6 үлгиси, лобия, мәштиң 4 сорты, айғабағардың 3 сорты Аралбойы аймағында егилип, сынақтан өткерилмекте. Арал теңизи бойындағы экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оған бейимлесиў илажлары ислеп шығылмақта.
"Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирис системаларын раўажландырыў" жойбары абырайлы "Energy Globe Award 2024" сыйлығының миллий жеңимпазы болды. Жойбар шеңберинде орай жанында баҳасы 1,970 миллиард сумлық интеграцияласқан агро аквакултура системалары объектлери қурып питкерилди. Бул заманагөй система 2025-жыл сентябрьде Абу-Даби раўажланыў фонды ҳәм “ICBA” шөлкеминиң басшылары тәрепинен салтанатлы түрде иске қосылды. Ҳәзир бул системада балықлар, дузға шыдамлы овощлар ҳәм спирулина суў оты табыслы жетистирилмекте.
- Президентимиздиң 2020-жыл 12-февральдағы тийисли қарарына муўапық, Мойнақ районында "Аралдағы бағым" жойбары шеңберинде саяманлы терекзарлықлар жаратыў бойынша жумыслар орынланбақта. Жойбар шеңберинде Мойнақта 14,5 гектарлық саяманлы ҳәм мийўели терекзарлықлар, Аралдың қурыған ултанындағы 122 гектарда сексеўил нәлханасы қурылды, — дейди жойбар басшысы Тажетдин Асаматдинов. - Орай жанында "Бағманлар мектеби" шөлкемлестирилди. 2024-жылы Нөкис районындағы 2 гектар жерге алма, алмурт, шабдал нәллери егилди ҳәм интенсив бағға тийкар салынды. Онда тамшылатып суўғарыў системасы орнатылды. Дәрилик шиповник ҳәм боян плантациясы шөлкемлестирилди. Мойнақ районындағы 7,6 гектар майданда жүўери, гүнжи, айғабағар, шиповник, жийде, ғоза ҳәм шөл өсимликлери майданы жаратылып, Аралдың қурыған ултанындағы 1 гектар майданда шөл өсимликлериниң көргизбели майданшасы қурылды.
Аралбойы инновациялық орайының жойбарлары менен танысар екенбиз, ҳақыйқатында да климат шараятына сәйкес келетуғын қолланбаның гүўасы болдық. Орай тәрепинен Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен биргеликте баҳасы 261 миллион сумды қурайтуғын "Бассейн усылында жасалма жол менен артемия өсириў" жойбары 2024-жылы басланған еди. Хожели районында 2 гектар майданда жасалма суў бассейнлери жаратылып, ҳәўизлерге артемия цисталары салынған. Жойбар нәтийже бере баслады. Бул тек ғана экономикалық пайда емес, ал регионның экологиялық абаданлығы ҳәм турақлы раўажланыўына үлкен үлес қосыўы күтилмекте. Ҳәзир мониторинг ҳәм изертлеў жумыслары орынланбақта.
Аралбойы халықаралық инновация орайы, Германияның Дрезден техника университети ҳәм Инновациялық раўажланыў агентлиги менен биргеликте халықаралық жойбар жолға қойылды. “FARM” деп аталған бул жойбардың улыўма баҳасы 805,8 миллион сумды қурайды. Жойбардың тийкарғы мақсети Өзбекстанда аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў ушын Қарақалпақстан жер асты суўынан нәтийжели пайдаланыў жолларын ислеп шығыў болып табылады. Бул халықаралық жойбарды әмелге асырыў жумыслары 2025-жыл март айынан басланған. Оның шеңберинде регионда жер асты суўынан пайдаланыў перспективалары белгиленип, аўыл хожалығы тараўы ушын әҳмийетли усыныслар ислеп шығылды. Ҳәзир жойбар шеңбериндеги тийисли илимий-изертлеў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.
- Аралбойы халықаралық инновация орайы негизинде "жасыл" билим ҳәм шешимлерди трансферлеў бойынша илимий-мәлимлеме платформасы иске қосылады. Бул басламаны Президентимиз 2023-жылы Пекинде болып өткен "Бир мәкан — бир жол" халықаралық форумында алға қойған еди. Платформа Қытайдың Синьцзян Экология ҳәм география институты менен биргеликте шөлкемлестириледи. Жаңа система арқалы илимий қолланбалар, инновациялық технологиялар ҳәм әмелий шешимлерди турмысқа енгизиў режелестирилген. Сондай-ақ, бул платформа халықаралық алдынғы тәжирийбелерди жергиликли шараятқа бейимлестириўге хызмет етеди, — дейди Бахытжан Хабибуллаев.
Сондай-ақ, орай тәрепинен 2023-жылдан баслап тәжирийбе-сынақ тәризинде жетистирилип атырған ғаров (арундо) өсимлигиниң майданын 2026-жылы кеңейтиў ҳәм оның экономикалық нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған. Қалаберди, "Аралдағы бағым" жойбарын кеңейтиў, атап айтқанда, сексеўил егиў майданларын кеңейтиў мақсетинде халықаралық донор шөлкемлер менен сөйлесиўлер өткерилмекте.
Бул жойбарлардан тысқары орай тәрепинен ғоза, гүнжи ҳәм жүўери жетистириў, саяманлы ҳәм дәрилик, шөлге, дузға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер ушын көргизбе майданшасы және нәлхана шөлкемлестириў бойынша жойбар усыныслары ислеп шығылған. Ҳәзирги ўақытта бул жойбарларды қаржыландырыў мәселелери бойынша халықаралық донор шөлкемлер менен сөйлесиўлер даўам етпекте.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы