Форум Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық
бойынша басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.
Онда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, сондай-ақ, Интерпол,
Европа Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық
Аўқамы, Жәҳән бажыхана шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық структуралардың
ўәкиллери қатнасады.
Онда дерлик 50 мәмлекеттен тийисли уйымлардың басшылары ҳәм
500 ге шамалас халықаралық экспертлер қатнасыўы күтилмекте. Ўәкилликтиң бундай
жоқары дәрежеси Өзбекстанның глобал көлемдеги илажлар ушын исенимли ҳәм өтимли
майдан сыпатындағы орны барған сайын артып атырғанын тастыйықлайды.
Форум шеңберинде нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысының
глобал ҳәм регионаллық әҳмийетли тенденциялары, жаслар арасында профилактика,
емлеў, реабилитациялаў ҳәм социаллық реинтеграция системасын раўажландырыў
мәселелерин додалаў режелестирилген. Нәшебентлик қәўип-қәтерлерине қарсы
гүресиўде санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиўге айрықша итибар
қаратылады.
Сондай-ақ, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм
жаслардың социаллық белсендилигин арттырыўға бағышланған Жаслар саммити
өткериледи.