Сенаттың 18-жалпы мәжилисинде Самарқанд ўәлаятының Самарқанд районын
сапластырыў, Ақдәрья, Пастдарғом, Тайлақ районлары ҳәм Самарқанд қаласының
шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе додаланды.
Атап өтилгениндей, Сенат қарарының жойбары Самарқанд қаласының аймағын
кеңейтиў, оның инвестициялық ҳәм туристлик тартымлылығын арттырыў, экономика
тармақларын диверсификациялаў, жоқары технологиялық санаат ҳәм заманагөй хызмет
көрсетиў тараўларын раўажландырыў мақсетинде ислеп шығылған.
Самарқанд қаласы
ўәлаяттағы халық ең тығыз жайласқан район болып есапланады. Қала шегараларының
кеңейтилиўи халықтың тығыз жайласыўын азайтыў, транспорт инфраструктурасын
жақсылаў, тығылыслардың алдын алыў, заманагөй қала инфраструктурасын
қәлиплестириў имканиятын береди.
Самарқанд
қаласының қурамына 17 226,5 гектар жер майданын киргизиў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, ҳәкимшилик-аймақлық басқарыўды оптималластырыў мақсетинде Самарқанд
районын сапластырып, 28 мың 295 гектар жер майданын Тайлақ районына өткериў
мөлшерленбекте.
Сенаторлар
өзлериниң шығып сөйлеўлеринде көрип шығылып атырған мәселениң
социаллық-экономикалық әҳмийетине айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, қала
халқының саны 880 мыңға жетип, "миллионлы қала" статусына
жақынласатуғыны, жаңа жер майданларында киши санаат зоналары, технопарклер ҳәм
жоқары технологиялық кәрханалар шөлкемлестирилетуғыны, хызмет көрсетиў, туризм
ҳәм қурылыс тараўларында мыңлаған жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилетуғыны
атап өтилди.
Аўыл хожалығы
жерлерин сақлап қалыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мәселесине де
итибар қаратылды. Өткерилип атырған 6 мың 263 гектар жер майданының
категориялары өзгериссиз қалады.
Бул мәселе мәкан
пуқаралар жыйынлары, халық депутатлары қалалық, районлық ҳәм ўәлаятлық
Кеңеслериниң тийисли мәжилислеринде кеңнен додаланып, мақулланды.
Сенаторлардың
атап өткениндей, ўәлаяттың шегараларын өзгертиў Самарқандтың архитектуралық
көринисин жақсылаўға, шет елли ҳәм жергиликли инвесторлар ушын қаланың
тартымлылығын арттырыўға, оның туристлик потенциалынан нәтийжели пайдаланыў
имканиятын жаратыўға, заманагөй исбилерменлик, қаржы ҳәм туризм
инфраструктурасын жедел раўажландырыўға, халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет
етеди.
Додалаўлардан соң
Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.