Дәслеп мәмлекетимиз басшысына ҳәкимлик имаратында "бир айна" принципи тийкарында шөлкемлестирилген районлық уйымлардың жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул имаратта ҳәкимликтен тысқары және 5 шөлкем жайласқан болып, олар халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине 30 дан аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетеди.

Атап айтқанда, Ишки ислер министрлигине онлайн мүрәжат етиў қурылмасы пуқараларға үлкен қолайлық жаратпақта. Мүрәжат система арқалы берилгенде, нәўбетши инспектор видео байланыс арқалы мүрәжат етиўши менен байланысады. Мүрәжат автоматикалық түрде дизимге алынады ҳәм оны көрип шығыў жуўмақлары бойынша мүрәжат етиўши инспектордың жумыс нәтийжеси, ҳәрекетлери ҳәм сөйлесиў мәдениятына баҳа бериўи мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы бундай смарт-қурылмаларды халық көп жыйналатуғын орынлар, базарлар ҳәм басқа да объектлерге орнатыў әмелиятын кеңейтиў бойынша тапсырма берди.

Ҳәкимликте ситуациялық орай шөлкемлестирилген. Мағлыўматларды таллаў, пайда болған машқалаларды жасалма интеллект тийкарында жедел анықлаў ҳәм шешиў имканиятын беретуғын "Ақыллы район" платформасы иске қосылды. Ситуациялық орайға 17 мәлимлеме системасының интеграцияланғаны халық пенен ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта.

Бул жерде социаллық ҳәм коммуналлық машқалаларды мониторинг етиў, пуқаралардың мүрәжатларының орынланыўын қадағалаў, айрықша жағдайларда тийисли хызметлердиң жумысын оператив басқарыў ҳәм муўапықластырыў тәмийинленеди.

Жағдай орайының иске қосылыўы шеңберинде райондағы 46 мәҳәлле менен видеоконференцбайланыс системасы жолға қойылып, орай менен интеграцияланған. Райондағы 25 мектеп те басқышпа-басқыш системаға қосылмақта.

Платформа қурамына киргизилген "Қәўипсиз аймақ" системасы ҳуқықбузарлықларды мониторинг етиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған.

Исбилерменлик субъектлериниң санлы картасы жасалма интеллект жәрдеминде аналитика тийкарында салық түсимлерин прогнозлаў ҳәм оларды жыйнаў нәтийжелилигин арттырыў ушын мөлшерленген. “AI Davomat” системасы мектеплерде оқыў сабақларын себепсиз қалдырғанларды анықлаў, жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлықтың алдын алыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Президентимиз ситуациялық орайдың жумысы менен танысып, бул жаңа системаны пайтахтымыздың барлық районларында енгизиў бойынша тапсырма берди. Усы жерде билимлендириў системасын санластырыў, қурылыс, жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық жыйналыўын арттырыў, Ташкент қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.