Өзбекстан СИМ басшысы Түркменстан жетекшисине Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклиги избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еки мәмлекет арасында жедел сиясий сөйлесиў қоллап-қуўатланып атырғаны, барлық дәрежелерде турақлы сөйлесиўлер даўам еттирилип атырғаны, өз-ара саўда көлеми турақлы өсип атырғаны атап өтилди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Тәреплер Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы шериклик байланысларын беккемлеў бағдарындағы биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.