Көргизбеде Австрия, Германия, Ҳиндстан, Иран, Италия, Қытай, Латвия,
Россия, Саудия Арабстаны, Түркия, Өзбекстан сыяқлы 11 мәмлекеттен 250 ден аслам
компания ҳәм брендлер қатнаспақта. Шөлкемлестириўшилер "Өзхимиясанаат"
АЖның рәсмий жәрдеминде “Iteca
Exhibitions” халықаралық көргизбе
компаниясы ҳәм оның шериги “ICA Eurasia Group” болып есапланады.
Көргизбе әсбап-үскенелер ислеп шығарыўшылар, шийки зат жеткерип
бериўшилер, қайта ислеўшилер, инженерлер ҳәм полимер тармағы кәрханаларының
басшыларын бирлестиреди. Қатнасыўшылар пластмассаларды ислеп шығарыў ҳәм қайта
ислеў, полимер шийки зат ҳәм арнаўлы қосымшалар, пресс-формалар, жәрдемши
үскенелер, қадақлаў ҳәм қайта ислеў санааты ушын заманагөй шешимлер менен таныстырады.
Көргизбениң
әмелий бағдарланғаны мийманларға үскенелердиң жумысы менен танысыў,
қәнигелерден мәсләҳәт алыў, өндирис ҳәм жеткерип бериўшилер менен тиккелей
технологиялық бирге ислесиў перспективаларын додалаў имканиятын береди.
2026-жылы “Plastex
Uzbekistan” полиграфия, қадақлаў, пластмасса ҳәм полимерлер бағдарларын
бирлестирген “4P Central Asia” көргизбеси менен биргеликте өткерилмекте. Бундай
формат өз-ара байланыслы тармақлар кәрханалары арасында исбилерменлик
байланысларын орнатыў ҳәм комплексли өндирис шешимлерин табыў ушын шараят
жаратады.
Көргизбениң
өткерилиўи халықаралық санаат кооперациясын раўажландырыў, алдыңғы
технологияларды тартыў ҳәм Өзбекстанда өндиристи локализациялаў имканиятларын
кеңейтиўге хызмет етеди. Сырт ел компаниялары ушын илаж регион базарының
талапларын үйрениў ҳәм потенциаллы исбилермен шериклер менен тиккелей байланыс
орнатыў ушын да платформа есапланады.
Көргизбе 24-сентябрьге шекем
даўам етеди.