Киргизилген қосымшаларға бола, билимлендириў шөлкемлеринде
мийнет шәртнамасы тийкарында тәлим-тәрбия тараўында кәсиплик жумысты әмелге
асырып атырған педагоглар ушын төмендеги мәмлекетлик хызметлердиң баҳасы
олардың улыўма баҳасының 50 процентин қурайды:
көшпес мүлк объектлериниң мәмлекетлик кадастры тараўында;
инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў бойынша;
улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм
сертификат бериў бойынша;
тракторшы-машинист гүўалығын алыў ушын имтихан тапсырыўға
рухсатнама бериў бойынша;
рәсмий ҳүжжетлерге апостил қойыў ҳәм басқалар.
Соның менен бирге, киргизилген қосымшаларға бола,
қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлардың директорлары ҳәм директор
орынбасарлары ҳәр 5 жылда бир мәрте Мәденият министрлиги тәрепинен
шөлкемлестирилетуғын менеджмент бойынша қәнигелигин арттырыў курсларында
өндиристен ажыратылған ҳалда оқыўы белгиленбекте.
Буннан тысқары, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернат
оқыўшыларын оқыўдан шығарыў, оларды басқа бағдарларға ямаса басқа билимлендириў
мәкемелерине көшириў тәртиби белгиленди.