Сөйлесиў ўақтында Самарқандта болып өткен "Европа аўқамы - Орайлық
Азия" биринши саммитиниң жуўмақлары, сондай-ақ, еки регион арасындағы
стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, сиясий сөйлесиўди избе-из
раўажландырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Сапар шеңберинде
Өзбекстан делегациясы Европа кеңеси Президентиниң сыртқы сиясат бойынша бас
кеңесгөйи Антон Буро, Европа сыртқы байланыслар хызмети бас хаткериниң
орынбасары Олоф Скуг, Бельгия Сыртқы ислер министрлигиниң сиясат, қәўипсизлик
ҳәм қорғаныў мәселелери бойынша бас директоры Вероник Петит пенен өз алдына
ушырасыўлар өткерди.
Ушырасыўларда
Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы стратегиялық шерикликти және де
тереңлестириў, “Global Gateway” басламасы шеңбериндеги жойбарларды әмелге
асырыў, транспорт, инвестиция, саўда ҳәм экономика тараўларындағы бирге
ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Европа тәрепи
Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм Орайлық Азияда
интеграция процесслерин алға қойыўдағы белсене ролин жоқары баҳалап, ерисилген
келисимлерди әмелге асырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады, деп хабар бермекте
ӨзР СИМ баспасөз хызмети.