Бул қаржының 72,2 миллиард сумы қайтыс болған 72 баланың шаңарақларына, 7,8 миллиард сумы болса емленген ҳәм емленип атырған 16 баланың шаңарақларына берилди.
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, Ташкент қалалық жынаят ислери бойынша судының орынлаў ҳүжжетлерине тийкарланып, 90 жәбирлениўшиниң пайдасына жәми 82 миллиард сум компенсация өндирилиўи белгиленген еди.
Бирақ айыпкерлердиң хатланған мүлкин сатыў процеси белгиленген мүддеттен созылғаны себепли, усы ўақытқа шекем компенсацияның тек ғана 20 проценти, яғный 16,8 миллиард сумы төленген.
Жәбирленген шаңарақларға жеткерилген материаллық ҳәм руўхый зыянды толық қаплаў жумысларын жеделлестириў бойынша Президент тәрепинен тийисли тапсырма берилди.
Соған тийкарланып, мәмлекетлик бюджеттен 65,2 миллиард сум ажыратылды. Усы қаржы есабынан компенсацияның тийкарғы бөлеги төлеп берилди.
Банк карталары менен байланыслы техникалық мәселелер шешилгеннен соң және еки баланың шаңарақ ағзаларына қалған 2 миллиард сум да толық төлеп берилетуғыны мәлим етилди.
Бюджеттен ажыратылған 65,2 миллиард сум айыпкер шахслардың мүлкин сатыўдан түскен ҳәм олардан өндирилген қаржылар есабынан республика бюджетине қайтарылады.
Ҳәзирги ўақытта Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм тийисли мәмлекетлик шөлкемлердиң жуўапкерлери республикалық медицина орайларының шыпакерлери менен биргеликте жәбирленген шаңарақлардың ҳалынан хабар алып, балаларға қосымша медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў илажларын көрмекте.