Жанажан Ўатанымызда тынышлық ҳәм турақлылық тәмийинленип атырғаны, халықтың турмыс шараяты турақлы жақсыланып атырғаны және халықаралық майданда мәмлекетимиздиң абырайы күн сайын артып атырғаны Президентимиздиң узақты гөзлеп алып барып атырған ақылға уғрас ҳәм избе-из сиясатының нәтийжеси болып есапланады.
Тарийх бетлерине қарағанда...
Бүгин елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм парахатшылыққа өз-өзинен ерисилген жоқ, әлбетте. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында қыйын криминоген жағдайдың жүзеге келиўи ақыбетинде терроршылық ҳүжимлери ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтың артыўы жәмийеттиң турақлылығына айрықша қәўип салған еди. Атап айтқанда, бузғыншы шахслардың Ташкент ўәлаятының Янгиобод, Сурхандәрьяның Сариосиё ҳәм Узун районлары аймақларына сүңгип киргени, Ташкент қаласында әмелге асырылған қозғалаңшылық ҳәрекетлери және Әндижан ўақыялары бәршемиздиң ядымызда аўыр из қалдырған.
Бул ҳәрекетлердиң артында турған жаўыз нийетли шахслардың тийкарғы мақсети елимиздеги конституциялық дүзимди зорлық пенен аўдарыў ҳәм тыныш-татыў турмысымызды изден шығарыў арқалы ғәрезсиз Өзбекстанды өзиниң раўажланыў жолынан қайтарыў еди. Бундай қәўипли дәўирде ишки ислер уйымларының қаншадан-қанша хызметкерлери халық тынышлығы, Ўатан тынышлығы жолында көксин қалқан, әзиз жанларын пидә еткенин бәршемиз жақсы билемиз.
Ҳәр қандай мәмлекетте ишки ислер уйымлары тынышлық-татыўлықты ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, пуқаралардың емин-еркин жасаўы ҳәм мийнет етиўи ушын қолайлы орталық жаратыўға жуўапкер. Соның ушын, өткен 35 жылда елимиздиң тынышлығын сақлаў, пуқаралардың қәўипсизлигин ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў жолында ишки ислер уйымларының хызметкерлеринен 127 мәртлерше қайтыс болды. Хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында жанын пидә еткен мине усындай мәрт ҳәм батыр улларымыздың жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланады.
Ҳуқықый тийкарлар жаратылды
Ғәрезсизлик жылларында ишки ислер уйымлары жумысының ҳәр қыйлы бағдарларын ҳуқықый жақтан тәртипке салыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған нызамшылық тийкарлары басқышпа-басқыш жетилистирилди.
Мысалы, 2000-жылы 15-декабрьде "Терроризмге қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди. Бул ҳүжжет терроризмге қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеп берди.
Арадан еки жыл өтип, яғный 2012-жыл 25-декабрь күни "Оператив-излеў жумысы ҳаққында"ғы нызам тастыйықланып, бул жумыстың ҳуқықый тийкарлары, оны әмелге асырыўшы уйымлардың ўәкилликлери ҳәм усы бағдарды шөлкемлестириў шәртлери беккемленди.
Сондай-ақ, 2010-жыл 29-сентябрьдеги "Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында"ғы ҳәм 2014-жыл 14-майдағы "Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында"ғы нызамлардың қабыл етилиўи болса, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салып, профилактика субъектлериниң ўазыйпалары ҳәм бирге ислесиўи ушын ҳуқықый тийкар жаратты.
Буннан тысқары, 2008-жыл 17-апрельдеги "Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызамда бул бағдардағы ҳәрекетлер тәртипке салынды. Ең қуўанышлысы, 2016-жыл 16-сентябрь күни "Ишки ислер уйымлары ҳаққында"ғы нызам қабыл етилип, системада хызмет етип атырған хызметкерлердиң тийкарғы ўазыйпалары, принциплери, ҳуқық ҳәм миннетлемелери және жумысын шөлкемлестириўдиң ҳуқықый тийкарлары белгилеп берилди.
Солай етип, бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жынаятшылыққа қарсы гүресиў, оператив-излеў жумысы, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликтиң белгили бир бағдарларын ҳуқықый жақтан тәртипке салыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Мәҳәлле тыныш – ел тыныш
Ишки ислер уйымларын халық мәплери жолында хызмет ететуғын профессионал структураға айландырыў мақсетинде терең реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги 10 жылда система жумысы заман талаплары тийкарында түп-тийкарынан жетилистирилди. Бул дәўирде системаны тәртипке салыўшы 82 нызам, Президентимиздиң 26 пәрманы ҳәм 70 қарары және Министрлер Кабинетиниң 180 қарары қабыл етилди. Нәтийжеде жеке қурамның 85 проценти төменги буўынға түсирилип, халыққа жақынластырылды. Тараўлық хызметлердиң жумысына заманагөй технологиялар ҳәм илим жетискенликлери енгизилди.
Система жумысын санластырыў дәрежеси 86 процентке жеткерилип, бул арқалы пуқараларға хызмет көрсетиў оперативлиги арттырылды ҳәм халық пенен ислесетуғын хызметкерлердиң жумысында инсан факторының қатнасыўы сапластырылмақта. Ең тийкарғысы, қәўипсизлик пенен байланыслы барлық ҳәрекетлер республика, ўәлаят ямаса район-қала дәрежесинде емес, ал мәҳәлле кесиминде әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола барлық дәрежедеги басшылар халық пенен усы принцип тийкарында сөйлесип, машқалаларға нәтийжели шешим таппақта.
Халықтың машқалаларын орнында шешиў арқалы қәўипсиз орталық жаратыўда "мәҳәлле жетилиги"ниң жумысы қолайлы болмақта. Барлық мәҳәлледе профилактика инспекторлары жумыс алып бармақта. Олардың тийкарғы ўазыйпасы мәҳәллени жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырыў болып табылады. Ҳуқықбузарлық ислеўи ҳәм ҳуқықбузарлықтан жәбирлениўи мүмкин болған шахслардың машқалалары социаллық профилактика шеңберинде "жетилик" бирге ислесиўинде шешилмекте. Бул мәҳәллени қәўипсиз аймаққа айландырыўға хызмет етпекте.
Жетискенликтиң кепиллиги
Кейинги он жылда мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды қурыў жолында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Буның негизинде, бәринен бурын, инсан қәдири, халықтың мәпи ҳәм адамлардың бүгинги күнинен разы болып жасаўы жәмленген.
Президентимиз алға қойған "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек" деген ийгиликли принцип ишки ислер уйымлары жумысының тийкарғы нормасына айланды. Ҳәзирги реформалар тиккелей системаның жумысында да өз көринисин таўып, тараўды тек ғана түринде емес, ал мазмун-мәниси жағынан да пүткиллей өзгерттирди.
Соның ишинде, ишки ислер уйымлары системасын заман талаплары тийкарында қайта шөлкемлестириў, басқарыў механизмлерин жетилистириў, хызметкерлердиң профессионаллығын арттырыўға айрықша итибар қаратылды. Жаңа Өзбекстандағы үлкен өзгерислер дәўиринде турақлылықты тәмийинлеў бағдарында ишки ислер уйымларына үлкен жуўапкершилик жүкленген. Мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген тийкарғы ўазыйпалар тийкарында ишки ислер уйымларының жумыс усылы ҳәм басқарыўы түп-тийкарынан жетилистирилип, халыққа хызмет ететуғын системаға айландырылды.
Кейинги еки жылда тараў жумысын және де жетилистириў мақсетинде Миллий гвардия қурамындағы Қорғаў департаменти және 2000 инспектор-психолог ишки ислер уйымларына өткерилди. Сондай-ақ, Миграция ҳәм персоналластырыў және Кибержынаятларға қарсы гүресиў департаментлери, шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў хызмети ҳәм халықаралық оператив-излеў жумысы бөлими шөлкемлестирилди. Системада ашық-айдынлық орталығын беккемлеў мақсетинде ишки ислер министриниң комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бойынша орынбасары лаўазымы ҳәм комплаенс хызмети өз жумысын баслады.
Буннан тысқары, министрликте арнаўлы оператив тергеў басқармасы, аймақлық оператив топарлар ҳәм прекурсорлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бөлими дүзилди. Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў жумысында дронлардан нәтийжели пайдаланыў ушын Ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизлик авиациясы басқармасы жумыс баслаған болса, Ташкент қаласы ишки ислер бас басқармасы қурамында Ислам цивилизациясы орайында қәўипсизликти тәмийинлеў бөлими ҳәм Олимпиада қалашасы комплексинде жәмийетлик тәртипти сақлаў бөлими жумысы жолға қойылды.
Криминоген жағдайдан келип шығып, аймақлық ишки ислер уйымларының 13 мыңнан аслам штат бирлиги қайта бөлистирилди. Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў мақсетинде "Чиланзар" ҳәм "Қоқанд" тәжирийбеси және жынаят ислерин тергеўге қаратылған "Сурхандәрья тәжирийбеси" әмелиятқа кеңнен енгизилди.
Итибарлы тәрепи сонда, 2016-жылы жумыста бары-жоғы 6 мәлимлеме системасы болған болса, бүгин олардың саны 62 ге жеткерилип, соннан 43 и әмелиятқа енгизилди. Сондай-ақ, министрлик тәрепинен көрсетилип атырған 60 түрдеги мәмлекетлик хызметтиң 55 и толық санлы түрге өткерилди.
Бул бағдардағы жумыслар жоқары баҳаланып, усы жылдың басында БАӘ халықаралық экспертлери тәрепинен Мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин баҳалаў бағдарламасы шеңберинде мәмлекеттеги 41 министрлик ҳәм уйымлар арасында өткерилген таңлаў нәтийжелерине бола, Ишки ислер министрлиги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бағдарында жеңимпаз деп табылды. Бул жетискенликти Президентимиз де айрықша атап өтти. Соның менен бирге, барлық министрликлер ҳәм уйымлар арасындағы санластырыў рейтингинде Ишки ислер министрлиги 2023-жылдағы 31-орыннан 5-орынға, мәлимлеме қәўипсизлиги рейтингинде болса 51-орыннан 1-орынға көтерилди.
Ишки ислер уйымлары ушын жоқары профессионал кадрларды таярлаў ҳәм халықтың мәплери жолында хызмет ететуғын хызметкерлерди тәрбиялаў механизми сыпатында министрлик академиясының күндизги билимлендириў түри қабыллаў квотасы өткен оқыў жылында 700 ден 900 ге шекем арттырылып, усы жылдан баслап 1100 ге жеткерилди. Курсантлардың оқыў процеси толық 4 күн теориялық ҳәм 2 күн әмелий тәризде — дуал тәлим формасына өткерилди.
Соның менен бирге, ишки ислер уйымларында 3 жыллық жумыс стажына ийе хызметкерлер ушын аралықтан билимлендириў формасы енгизилди ҳәм ҳәзирги ўақытта 800 орынға мөлшерленген ИИМ Қәнигелигин арттырыў институтының Нөкис филиалы да табыслы шөлкемлестирилмекте.
Социаллық қорғаў – системаның әҳмийетли өлшеми
Ишки ислер уйымлары хызметкерлерине мүнәсип хызмет шараятын жаратыў менен бир қатарда, оларды социаллық қорғаў мәселесине де айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги еки жылда бул бағдарда салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Соның ишинде, хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде быйылғы жылы 24 мың 564 хызметкерге 249 миллиард, өткен жылы болса 84 миллиард сумлық ҳәр қыйлы социаллық жәрдемлер көрсетилди. Системада жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң перзентлериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўи ушын берилген 4029 усыныснама тийкарында олардың 2427 перзенти жеңиллетилген түрде студентликке қабыл етилди.
Сондай-ақ, ишки ислер уйымларының ең соңғы талап ҳәм заманагөй стандартларға толық жуўап беретуғын, алдынғы технологиялар менен үскенеленген 12 жаңа имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Системаға 1935 жаңа транспорт қуралы ажыратылып, ҳәдийсе орнына тергеў-оператив топарларының жедел жетип барыўы ушын 208 қала-райондағы нәўбетшилик бөлимлери ҳәм патруль-пост хызметиниң транспорт қураллары парки жаңаланды. Буннан тысқары, хызметкерлер 264 миллиард сумлық компьютер үскенелери ҳәм байланыс қураллары менен толық тәмийинленди.
Келешекке қойылған қәдем
Мәмлекетимиз басшысы ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз пүткиллей жаңа басқышқа қәдем қойып атырғанын атап өтип, келеси он жыллық елимиз ушын миллий раўажланыў дәўири болатуғынын атап өтти. Мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, халқымыздың абаданлығын арттырыў ҳәм инсан қәдирин және де жоқарылатыўға қаратылған 7 әҳмийетли миллий бағдарламаны жәриялады. Бул бағдарламалардың бесиншиси суд еркинлигин күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўди улыўма қәдириятқа айландырыў болып белгиленди.
Бул бағдарда кибержынаятшылық, нәшебентлик ҳәм адам саўдасының алдын алыў бойынша илажларды және де күшейтиў, жасырын экономика, шөлкемлескен жынаятшылық, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын кемситиўге қарсы гүрести жаңа басқышқа көтериў зәрүр екенлигине айрықша итибар берилди.
Миллий бағдарламадан келип шыққан ҳалда ишки ислер уйымлары тәрепинен келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Олардың орынланыўы, бәринен бурын, халқымыздың тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Биз ушын ең уллы ўазыйпа елимиз тынышлығын көздиң қарашығындай сақлаў ҳәм ҳуқық-тәртипти беккемлеў болып табылады. Ең жоқары сыйлық болса халық исеними. Хызметкерлеримиз ҳәр күни хызметке атланып атырып, бәрқулла бир ҳақыйқатты ядта тутады: халқымыздың тыныш уйқысы – бизиң сергеклигимизге, елимиздиң тынышлығы – бизиң садықлығымызға, ғәрезсизлигимиздиң беккемлиги болса ҳәр биримиздиң ана Ўатан алдындағы миннетимизди шын кеўилден орынлаўымызға байланыслы.
Азиз ТОШПЎЛАТОВ,
Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри,
генерал-лейтенант