Ушырасыўда тәреплер көп қырлы Өзбекстан - Малайзия бирге ислесиўин буннан
былай да раўажландырыў перспективаларын додалады. Жоқары дәрежедеги жедел
сиясий сөйлесиў себепли кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан
жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.
Саўда-экономикалық
байланысларды кеңейтиў, инвестициялық бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм ҳәр
қыйлы тараўларда жаңа қоспа жойбарларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Елши ханымға
мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясында үлкен табыслар тилеп, оның
жуўапкершиликли жумысында ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигимизди
тастыйықладық", - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Telegram-каналында.