Елимиздеги баспа ҳәм интернет басылымлары, телерадиоканаллар, мәлимлеме ҳәм медиа хызметлери, баспа ҳәм полиграфия кәрханаларының барлық дөретиўши ҳәм техник хызметкерлерин, пидайы журналистлерди, тараўдың ҳүрметли ветеранларын кәсиплик байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Сиз, ўатанды сүйетуғын, терең билим ҳәм жоқары потенциалға ийе журналистлер тымсалында өзимниң жақын досларымды, пикирлеслеримди көретуғынын және бир мәрте тастыйықламақшыман.

Быйылғы байрам жадид бабаларымыз тәрепинен миллий баспасөздиң тийкарын салған "Тараққий" газетасы шөлкемлестирилгениниң 120 жыллығы ҳәм елимизде биринши мәрте радиоеситтириў тәжирийбе түринде иске қосылғанының 100 жыллығы мүнәсибети менен биз ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Биз буннан он жыл алдын демократия, ашық-айдынлық принциплерине сүйенип, "Инсан қәдири ушын, оның бахты ушын!" деген идеяны өзимиздиң тийкарғы мақсетимиз етип белгилеп, Жаңа Өзбекстанды қурыўға киристик. Мине, усы қысқа дәўирде көп миллетли халқымыздың пидайы ҳәм мақтанышлы мийнети менен үлкен жетискенликлерге еристик.

Атап айтқанда, жәмийетте сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, мәлимлеме тараўын санластырыў ҳәм заманагөй медиа мәканын қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар дыққатқа ылайық.

Беккем ҳуқықый тийкарлар жаратылғаны, жеңилликлер ҳәм преференциялар берилгени нәтийжесинде тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, онда жеке меншик сектордың үлеси жылдан-жылға артып бармақта. Бүгинги күнде елимиздеги 2 мың 700 ге шамалас ғалаба хабар қуралларының 67 процентин, баспа кәрханаларының 90 проценттен асламын, полиграфия кәрханаларының 83 процентин усы тараў қурамақта. Быйыл баспаханалардың өндирислик қуўатлылығы өткен жылға салыстырғанда 2 есеге артып, 15 мыңға шамалас китап 60 миллион нусқадан аслам басып шығарылды.

Бул мағлыўматлар елимизде мәлимлеме тараўын либералластырыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў, медиа жумысын қоллап-қуўатлаў, мәлимлеме хызметлери базарының өсип баратырғанынан дәрек береди.

Ҳәзирги ўақытта информация ағымының кескин артыўы менен бирге дипфейк технологиялары да кең тарқалмақта, сол себепли дереклердиң исенимлилигине айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте қысқа ўақытта тараўда ҳәр қыйлы медиа жойбарлар арқалы 10 мың жасты қамтып алған заманагөй билимлендириў системасы қәлиплестирилди.

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Биз еркин, жуўапкершиликли ҳәм ҳақыйқый халықшыл журналистикаға жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик раўажланыўдың зәрүр шәртлеринен бири сыпатында қараймыз. Ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң нәтийжели жумысы ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиў, олардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын күшейтиў, кәсиплик шеберлиги менен маманлығын арттырыў, атап айтқанда, социаллық қорғаў, мийнетти хошаметлеў, денсаўлығын беккемлеў ҳәм турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған жаңа илажлар әмелге асырылады.

Соннан келип шығып, Өзбекстан Журналистлер аўқамының жумысын жетилистириў, оның статусын ҳәм реформалар процесиндеги қатнасын арттырыў әҳмийетли, деп ойлайман. Себеби, тез пәт пенен өзгерип атырған заманымыздың өзи бул жәмийетлик бирлеспениң алдына жаңа әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта. Бүгинги күн журналистлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға ҳуқықый ҳәм мәлимлеме-технологиялық жәрдем көрсетиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм кәсиплик аўызбиршиликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратыўды талап етпекте.

Бул бағдарда биринши мәрте үш ай даўамында республикамыз бойлап өткерилген Медиа ҳәптелик илажларында 12 мыңнан аслам тараў ўәкиллериниң, соның ишинде, жас журналистлердиң қатнасыўын тәмийинлеўди даўам еттириў үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы сыпатында мен миллий ғалаба хабар қураллары мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы беккем көпир ўазыйпасын атқарыў менен бирге, улыўма миллий мәплер тийкарында халқымызды және де бирлестиретуғын қүдиретли руўхый күшке айланыўы ушын оларға зәрүр жәрдем ҳәм көмек көрсетиўге бәрқулла таярман.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Пурсаттан пайдаланып, Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларына ерискен барлық инсанларды қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.

Қәлемиңиз бәрқулла өткир, сөзиңиз ҳақыйқат ҳәм тәсиршең, дөретиўшилигиңиз жемисли болсын!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти