Бул ушырасыўлар жаслардың пикир ҳәм идеяларын тыңлаў, олардың дөретиўшилик ҳәм социаллық жойбарларын қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, олардың турмыслық ҳәм кәсиплик потенциалын раўажландырыўға қаратылған.
Мине усы
ийгиликли баслама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа
алынған сондай-ақ, белсенди жаслар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша сөз етти.
Соның менен бирге, усындай имканиятлардан орынлы пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар саны артып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.
Ушырасыў даўамында жаслар да белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған мәселелер, машқала ҳәм усынысларын ашық ҳәм еркин түрде билдирди. Онда исбилерменлик жумысын жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлер алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып,
тараў жуўапкерлерине тез арада унамлы шешим таптырыў бойынша анық тапсырмалар
берилди.