Гүз-қыс мәўсиминде турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлерин турақлы ыссылық пенен тәмийинлеў, системаға энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў әҳмийетли ўазыйпа.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласында 47 көп қабатлы турақ жай орайласқан ыссылық тәмийнатына жалғанған, 270 турақ жайда локал ыссылық тәмийнатынан пайдаланылмақта. Қалған көп қабатлы турақ жайлардағы квартиралар ҳәр қыйлы қолбола үскенелер менен ысытылады. Бундай қураллар жоқары энергия жумсалыўы менен бирге, адамлардың денсаўлығы ҳәм өмирине үлкен қәўип туўдырады.

Қаланың ҳәзирги орайлық қазанханасы 1976-жылы қурылған болып, ҳәзирги ўақытта тийкарынан социаллық тараў объектлерине хызмет көрсетпекте. Оның үскенелери руўхый ҳәм физикалық жақтан ескирген, энергия үнемлеўшилиги төмен.

Ҳәзирги қазанханада 1 гигакалория ыссылық энергиясын ислеп шығарыў ушын дерлик 153 куб метр тәбийғый газ ҳәм 30 киловатт саат электр энергиясы жумсалады. Оның ҳақыйқый қуўатлылығы саатына тек ғана 1,6 гигакалория.

Презентацияда бул қазанхананы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялап, когенерацион технологияларды енгизиў жойбары да көрип шығылды.

Когенерацион технология бир ўақыттың өзинде бир жанылгы дерегинен электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыў имканиятын береди. Бул ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, өндирис қәрежетлерин азайтыў ҳәм қоршаған орталыққа зыянлы шығындылардың көлемин азайтыўға хызмет етеди.

Жойбар шеңберинде саатына 34,4 гигакалория ыссылық ҳәм 21,5 мегаватт электр қуўатлылығына ийе заманагөй комплекс қурылады.

Буннан тысқары, 28 километр ыссылық тармақлары тартылып, 189 дана жеке ыссылық пунктлери орнатылады. Көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлериниң ишки ысытыў системалары тикленеди, зәрүр газ ҳәм электр инфраструктурасы модернизацияланады.

Биринши басқышта 23 мың халық жасайтуғын 136 көп қабатлы турақ жайдағы 6 мыңға шамалас квартира ҳәм 40 социаллық тараў объекти орайласқан ыссылық тәмийнаты менен тәмийинленеди. Кейинги басқышларда Нөкис қаласындағы барлық көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлерин орайласқан ыссылық тәмийнаты системасына жалғаў нәзерде тутылмақта.

Жойбардың биринши басқышына 20 миллион доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестициялары тартылады. Комплекс 2028-жыл февраль айында толық иске қосылыўы режелестирилген.

Модернизация нәтийжесинде қазанхананың пайдалы жумыс коэффициенти 80 проценттен 91 процентке жетеди. Жыллылық энергиясын ислеп шығарыў көлеми бир неше он есеге артып, жылына 172 мың мегаватт саатқа шекем электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Жылына 12,2 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди. Атмосфераға шығарылатуғын зыянлы шығындылар көлеми де сезилерли дәрежеде азаяды.

Жаңа комплексте 19 жумыс орны жаратылады. Жумысшылардың заманагөй технологияларды қолланыў ҳәм үскенелерге хызмет көрсетиў бойынша маманлығы арттырылады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды әмелге асырыўда, бәринен бурын, халықты турақлы, қәўипсиз ҳәм сапалы ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў, қурылыс жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында жуўмақлаў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге жойбардың орынланыўын муўапықластырыў, барлық инфраструктура мәселелерин өз ўақтында шешиў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.

Буннан тысқары, кейин ала Бухара, Самарқанд, Үргенш ҳәм Зарафшан қалаларындағы қазанханаларды Нөкис тәжирийбеси тийкарында модернизациялаў, когенерацион ҳәм тригенерацион технологияларды енгизиў бойынша усыныслар көрип шығылды.