Баку пайтахтындағы Гейдар Алиев атындағы аэропортта мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан мәденият министри Одил Керимли ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапардың тийкарғы илажлары ертең, 18-май күнине режелестирилген. Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Президенти Жәҳән урбанизация форумының 13-сессиясы илажларында, соның ишинде, жетекшилер саммитинде қатнасады.