Penta Hospitals International - Орайлық Европаның ең ири жеке меншик медицина тармақларынан бири болып, 150 ден аслам емлеўхана ҳәм 100 ге шамалас наўқасларға ғамхорлық етиў мәкемелерин бирлестиреди. Компания системасында дерлик 25 мың хызметкер жумыс ислейди. Буннан тысқары, жақында Братиславада 1 мың 400 жумысшыға мөлшерленген жоқары технологиялы медицина комплекси ашылды.

Жаңа жойбар шеңберинде Өзбекстанда шыпакерлер ҳәм орта медицина хызметкерлерин кейин ала Penta Hospitals International мәкемелерине жумысқа орналастырыў ушын таярлаў системасы жолға қойылады.

Globogate компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған бағдарлама шеңберинде 600 ге шамалас өзбекстанлы мийирбийкелер Германияда жумыс пенен тәмийинленгени атап өтилди.

Енди бирге ислесиўди кеңейтиў режелестирилген. Биринши басқышта өзбекстанлы медицина қәнигелери Чехия, Словакия ҳәм Польшада, кейин ала Эстония, Латвия ҳәм Литвада жумысқа орналасыў имканиятына ийе болады.

Миграция агентлигиниң хабар бериўинше, бул мәмлекетлердеги вакант жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўмат тез арада XORIJDA ISH рәсмий телеграм каналында жәрияланады.