Мәмлекетимизде автомобиль қурылысы ҳәм машина қурылысы тармақларын
модернизациялаў, олардың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға
айрықша итибар қаратылмақта.
Баҳасы 50 миллион АҚШ доллары болған жойбар шеңберинде 25,8 гектар
майданда "Нурафшон арнаўлы техника" кәрханасы шөлкемлестирилген. Бул
жерде “KRANTAS” бренди астында арнаўлы автомобильлер, әскерий
техника ҳәм ҳәр қыйлы механизмлер ислеп шығарылып, 300 ден аслам маман қәниге
турақлы жумыс пенен тәмийинленген.
Өндиристе қолланылып атырған әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар АҚШ,
Германия, Италия, Швеция, Россия, Қытай ҳәм Түркиядан алып келинген.
Өткен дәўирде дерлик 2,5 мың тонна металл конструкциялар, 300 ден аслам
автомобиль үскенелери, 200 ден аслам шасси ҳәм 20 трактор ислеп шығарылды.
Өткен жылы буйыртпашыларға 275 миллиард сумлық техника ҳәм механизмлер жеткерип
берилген.
Кәрхана импорттың
орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтпекте. Ташкент қаласының
Янгиҳаёт районында 10 гектар майданда жаңа завод қурыў режелестирилген. Бул
жылына 15-18 миллион АҚШ доллары муғдарында өним ислеп шығарыўды локализациялаў
имканиятын береди.
Мәмлекетимиз
басшысы өндирис процесслери, таяр өнимлер ҳәм заманагөй технологиялық
шешимлерди көзден өткерди. Тараў жуўапкерлери ҳәм инженерлер менен сөйлесиўде
локализациялаўды кеңейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары
қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.