Мәмлекетимизде халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў,
пуқараларға көрсетилип атырған мәмлекетлик социаллық хызметлердиң түрин ҳәм
көлемин кеңейтиў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Ташкент ўәлаятында биринши мәрте шөлкемлестирилген Социаллық
қорғаў комплекси халықтың ең жәрдемге мүтәж қатламларына "бир айна"
принципи тийкарында комплексли хызмет көрсетиў имканиятын бермекте.
Бул жерде бес мәкеме - Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң
Ташкент ўәлаяты басқармасы, аймақлық социаллық инспекция, Нурафшан қалалық
"Инсан" социаллық хызметлер орайы, медициналық-социаллық экспертиза
комиссиясы ҳәм аймақлық социаллық хызметлер орайы жайласқан.
Комплекстиң шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде Нурафшан қаласы
ҳәм оған жақын болған Орта Шыршық, Пискент, Аққорған, Бўка районларында жылына
10 мыңға шамалас халық социаллық хызметлер менен қамтып алынады.
Бул жерде 100 ге шамалас хызметкер жумыс алып барады ҳәм
социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың толық ҳәм еркин социаллық бейимлесиўине
жәрдемлеседи.
Буннан тысқары, пуқаралардың жеке талапларынан келип шығып,
аймақлық социаллық хызметлер орайында мәмлекетлик емес сектордың имканиятларын
кеңнен тартыў есабынан 5 түрдеги социаллық хызметлер көрсетиў жолға қойылды.
Нәтийжеде узақ жыллар даўамында үй шараятына байланыслы
болған майыплығы болған шахслар, өзгелердиң күтимине мүтәж пуқаралар ҳәм
майыплығы болған балалар жәмиетке интеграцияланады.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына майыплығы болған шахсларға
диагноз қойыўдың жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге
асырылатуғын усылы, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты тәжирийбеси тийкарында ислеп
шығылған мәҳәллелерде социаллық хызметкерлердиң жаңа жумыс механизмлери
таныстырылды.
Президентимиз Социаллық қорғаў комплексинде жаратылған
шараятлар менен танысып, халықтың жәрдемге мүтәж категорияларын
қоллап-қуўатлаў, олардың толық социаллық бейимлесиўи ҳәм унамлы турмыслық
кейпиятын сақлаўға жәрдемлесиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларынан
бири екенин атап өтти.
Соң Ташкент ўәлаятында Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң
"Инсан" волонтёрлар жәмәәти менен сәўбетлесилип, олар тәрепинен
әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты. Мәмлекетимиз басшысы
комплекстиң жумысын мақуллап, мәмлекетимиз бойынша бундай аймақлық социаллық
хызметлер орайларын үш есеге көбейтиў бойынша көрсетпе берди.
Айтып өтиў орынлы, мәмлекетимизде аймақлық социаллық
хызметлер орайларының санын кеминде 90 ға жеткериў режелестирилген болып, бул
барлық имканиятларды және де кеңейтеди. Атап айтқанда, жаңа орайларды социаллық
қорғаўға мүтәж халық көп жасайтуғын, сондай-ақ, транспорт қатнаўы қолайлы
болған, пуқаралардың иркинишсиз барыўын тәмийинлейтуғын аймақларда
шөлкемлестириў режелестирилген.