Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында теңиз бойы аймақларын абаданластырыў, бундай орынларда заманагөй инфраструктураны жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бундай жойбарлар тек ғана халықтың қолайлы дем алыў мүйешлерин жаратыў емес, ал жаңа экономикалық имканиятларды иске қосыў арқалы аймақларды раўажландырыўдың жаңа имканиятларын ашады.

Орта Шыршық районындағы Қарасуў каналының жағасы да усындай ықшам аймақлардан бири болды. Өткен жылы басланған қурылыс жумысларында жағалық бойының 9 километр бөлегин абаданластырыў нәзерде тутылған. Жойбардың баҳасы 32 миллиард сум.

Жойбар еки басқышта әмелге асырылмақта. Дәслеп, Тынышлық ҳәм Қарасуў мәҳәллелери аралығындағы 1,6 километр аралық абаданластырылды. Заманагөй пиядалар жолы, фонтан, воркаут майданлары, аквапарк, көпир астындағы туннель халықтың ықтыярында.

Сондай-ақ, аймаққа саяманлы тереклер егилип, қолайлы отырғышлар орнатылған, улыўма аўқатланыў ҳәм сервис объектлери қурылған.

Кейинги басқышта каналдың Қарасуў, Роватак ҳәм Файзобод мәҳәллелеринен өткен бөлегинде кеўилашар, дем алыў ҳәм гастрономиялық көшелер шөлкемлестириў режелестирилген. Саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң саны 6 ға жеткерилип, 150 жаңа жумыс орны жаратылады.