Өзбекстан Республикасы ҳәм Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Пүткил жер жүзилик ислам шөлкеми (ICESCO) арасындағы өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдағы үлкен хызметлери, халқымыздың әййемги тарийхы, бай мәдений мийрасын, уллы ойшыл ҳәм алымларымыздың ислам цивилизациясы ҳәм дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан шексиз үлесин үгит-нәсиятлаўға қаратылған Жаңа Өзбекстан басламаларын халықаралық майданда белсене қоллап-қуўатлағаны, сондай-ақ, дүньяда дослық, аўызбиршилик ҳәм исеним принциплерин енгизиў, мәдениятлараралық қарым-қатнасты беккемлеў, жас әўладты жақсылық, кеңпейиллик ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы ибратлы жумысы ушын Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Пүткил жер жүзилик ислам шөлкеми Бас директоры Салим бин Муҳаммад ал-Малик Өзбекстан Республикасының "Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев