Ойын кескин түс алды ҳәм еки басқыш жуўмағы бойынша теңбе-тең нәтийже
менен жуўмақланды. Еслетип өтемиз, ушырасыўдың санлы бөлиминде өзбекстанлы спортшылар
исенимли түрде 4:0 есабында жеңиске ерискен болса, физикалық басқышта
қарсыласымыз 6:2 есабында жеңип шықты.
Еки басқыш жуўмағында улыўма есап 6:6 етип белгиленди ҳәм жеңимпаз
пенальтилер сериясында анықланды. Шешиўши мәўритлерде Өзбекстан сайланды
командасы 3:2 есабында жеңиске ерисип, турнирдиң 1/4 финал жолламасын қолға
киргизди.
Енди миллий сайланды командамыз абырайлы халықаралық жарысларда медальлар
ушын гүрести даўам еттиреди.