Быйылғы абырайлы халықаралық жарыста 21 мәмлекеттен 174 қатнасыўшы
қатнасты. Таңлаў бир неше басқышта өткерилип, биринши ҳәм екинши сайлап алыў
басқышларының жуўмақлары бойынша ең күшли 50 қатнасыўшы финалға шықты, олардың
арасында жерлесимиз Мадинабону Абдуллаева да бар еди, деп хабар бермекте «Дунё» ХА.
Шешиўши басқыш нәтийжелерине бола, Мадинабону барлық қарсыласларын артта
қалдырып, сыйлы биринши орынды ийеледи. Екинши ҳәм үшинши орынлар Россия ҳәм
Қытай ўәкиллерине несип етти.
Куала-Лумпур
қаласындағы Малайзия туризм орайында болып өткен салтанатлы сыйлықлаў
мәресиминде жеңимпазға турнир кубоги, 10 мың Малайзия ринггити (шама менен
25-30 миллион сум) муғдарындағы ақшалай сыйлық ҳәм халықаралық сертификат
тапсырылды.
Мадинабону
Абдуллаеваның бул жетискенлиги Өзбекстан ушын үлкен әҳмийетке ийе болып, елимиз
ўәкиллериниң усы халықаралық таңлаўдағы төртинши жеңиси сыпатында тарийхқа
кирди.
Кейинги жыллары
мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстанда Қубла-Шығыс Азия
мәмлекетлериниң мәденияты ҳәм тиллерин, атап айтқанда, малай ҳәм индонезия
тиллерин үйрениўге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтиў керек. Бул
бағдарда жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли
бағдарларынан бирине айланды.
Ҳәзирги ўақытта
Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде Малайзия ҳәм Индонезия тиллери
турақлы оқытылып атырған Қубла Азия тиллери ҳәм әдебиятлары жоқары мектеби
жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери
университети, Бухара мәмлекетлик университети ҳәм Самарқандтағы "Жипек
жолы" туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетинде де бул тиллер
бойынша оқытыў жолға қойылған.
Туризм
тараўындағы байланыслардың кеңейип атырғаны, әсиресе, Малайзия ҳәм Индонезиядан
зыярат туризми ағымының артып атырғаны бул бағдардағы қәнигелерге болған
талапты және де күшейтпекте. Усы мүнәсибет пенен туризм, мийманхана бизнеси ҳәм
аўдармашылық тараўлары ушын малай ҳәм индонезия тиллери бойынша алты айлық
интенсив курслар шөлкемлестирилди.
Келешекте бул
тәжирийбени мәмлекетимиздиң басқа аймақларында, атап айтқанда, Хорезм ҳәм
Сурхандәрья ўәлаятларында да енгизиў, бул тәжирийбени системалы ҳәм турақлы
түрге айландырыў режелестирилген.