Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 27-декабрьдеги "2030-жылға шекем
жергиликли жөнелислерде темир жол транспортында жолаўшы тасыў көрсеткишлерин
арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында аймақларда транспорт
инфраструктурасы жаңаланып, жергиликли жөнелислер кеңейтилмекте. Нәтийжеде
халыққа қолайлы ҳәм сапалы транспорт хызметлери жаратылмақта.
Бекабад вокзалында Президентимизге пайтахтымызды усы қала менен
байланыстыратуғын жөнелисте әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме
берилди.
Улыўма узынлығы 192 километр болған "Ташкент - Бекабад" темир
жолы күнине мыңға шамалас, жылына 300 мың жолаўшыға хызмет көрсетиўи
күтилмекте. Енди бул жөнелисте 6 вагоннан ибарат, 586 жолаўшыға мөлшерленген,
саатына 120 километр тезликте ҳәрекетленетуғын электропоезд қатнайды. Бул, әсиресе, ҳәр күни жумысқа ҳәм оқыўға баратуғын
пуқаралар ушын қосымша қолайлықлар жаратады.
Электропоездда
жолаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, майыплығы болған
шахслар ушын арнаўлы көтергишлер орнатылған. Вагонлар кондиционерлер ҳәм ысытыў
системалары, жумсақ орынлықлар, зарядлаў ушын USB-жалғаўышлар, сондай-ақ, Wi-Fi
тармағы менен тәмийинленген. Буннан тысқары, видеобақлаў системалары, электрон
мәлимлеме таблолары ҳәм велосипедлер ушын арнаўлы орынлар шөлкемлестирилген.
Жөнелиске
қойылған тезжүрер поезд автомобиль жолларында жүклемени азайтыў ҳәм экологиялық
таза транспорт үлесин арттырыўға хызмет етеди.
Президентимиз
темир жол инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, жолаўшылар ушын
шараятларды жақсылаў, линияларды электрлестириў, темир жолға тутас аймақларды
абаданластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
Буннан тысқары,
мәмлекетимиз басшысы вокзал инфраструктурасы, хызмет көрсетиў сапасы ҳәм
жолаўшылар ҳәрекетин нәтийжели шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар
қаратты.