Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Атом энергиясы агентлиги
директоры Азим Ахмедхаджаев ҳәм "Росатом" мәмлекетлик корпорациясы
бас директорының орынбасары Татьяна Терентьева басшылық етти.
Ушырасыўда конструктивлик ҳәм мазмунлы сөйлесиў болып өтти.
Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын
қанаатланыўшылық пенен атап өтип, миллий кадрларды таярлаў Өзбекстанда атом
электр станциясын қурыў жойбарының стратегиялық тийкарғы бағдары екенин атап
өтти.
Қатнасыўшылар Кадрлар таярлаўдың мәмлекетлик режеси жойбары,
қоспа билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм басқышпа-басқыш енгизиў,
соның ишинде, Жиззақ ўәлаяты Фориш районындағы техникум базасында модулли ҳәм
дуал оқытыў, Россия оқытыўшылары ҳәм әмелий стажировкалардың қатнасыўында МИФИ
НИАУ Ташкент филиалында билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, сондай-ақ,
Росатом техника академиясында «Train
the trainers» курсы бойынша Ташкент филиалы оқытыўшыларының маманлығын
арттырыў бағдарламасын додалады.
2026-жыл март айында қол қойылған, кадрлар таярлаў тийкарғы
бағдарлардан бири сыпатында белгиленген атом ҳәм түрлес тараўларда бирге
ислесиў бойынша "жол картасы"н әмелге асырыўға айрықша итибар
қаратылды.
"Узатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев
өзиниң шығып сөйлеген сөзинде:
"Бүгинги күнде Өзбекстанда атом электр станциясын қурыў
жойбарын әмелге асырыў тек ғана инженерлик шешимлер, заманагөй нормативлик база
ҳәм нәтийжели халықаралық бирге ислесиўди емес, ал бәринен бурын, миллий қәнигелерди
таярлаўдың турақлы, көп басқышлы ҳәм узақ мүддетли перспективаға бағдарланған
системасының болыўын талап ететуғыны анық. Әйне кадрлар ҳәр қандай ядролық
жойбарды қәўипсиз, исенимли ҳәм нәтийжели әмелге асырыўдың тийкары болып
есапланады.
"Росатом" мәмлекетлик корпорациясы бас
директорының орынбасары Татьяна Терентьева:
"Биз кадрлар таярлаў тараўында өзбекстанлы шериклер
менен тығыз ҳәм конструктивлик бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймиз. Атом тараўын
кадрлар менен тәмийинлеў миллий системасын қәлиплестириў бойынша биргеликтеги
жумыслар жойбарды жоқары маманлықтағы қәнигелер менен тәмийинлеў, Өзбекстан
Республикасында атом енергетикасын узақ мүддетли раўажландырыў ушын беккем
тийкар жаратыў имканиятын береди.
Тәреплер мәжилисте ерисилген келисимлер Өзбекстанда АЭС
жойбарын табыслы әмелге асырыў ушын зәрүр болған кадрларды таярлаўдың заманагөй
ҳәм нәтийжели системасын жаратыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.