Ушырасыўда Өзбекстанға шөлкемлескен туристлик ағымларды қәлиплестириўде ири кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшыларын бирлестирген Россия кәсиплик аўқамлары үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен шаңарақлық ҳәм балалар, санаторий-саламатландырыў, медициналық, мәдений-ағартыўшылық, экологиялық ҳәм таў-лыжасы туризмин биргеликте раўажландырыў, кәсиплик аўқамлары ағзалары ҳәм олардың шаңарақлары ушын арнаўлы туризм бағдарламаларын жаратыў усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, Татарстан, Башқуртстан ҳәм Россияның басқа да аймақларының халқы ушын зыярат туризмине айрықша итибар қаратыў режелестирилген. Бағдарлар Самарқанд, Бухара, Ташкент, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий комплексин өз ишине алыўы мүмкин.

MICE ҳәм санаат туризми - Өзбекстанда исбилерменлик илажларын өткериў, заманагөй кәрханалар, технопарклер ҳәм өндирис объектлерине барыў да перспективалы бағдарлар сыпатында атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан Республикасы Туризм комитети ҳәм Россия Ғәрезсиз кәсиплик аўқамлары федерациясы арасында туризм тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге қол қойды.

Ҳүжжет арнаўлы турпакетлерди қәлиплестириў, кәсиплик аўқамлары ҳәм туристлик шөлкемлер арасында тиккелей байланыслар орнатыў, танысыў сапарларын өткериў ҳәм Өзбекстанның туристлик имканиятларын Россияда биргеликте үгит-нәсиятлаўды нәзерде тутады.

Бирге ислесиў өз-ара туристлер ағымын және де арттырыў, еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўге хызмет етиўи күтилмекте.