Өзбекстан делегациясына Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының денсаўлықты сақлаўды реформалаў мәселелери бойынша орынбасары Тамила Алиева ҳәм денсаўлықты сақлаў министри Эльдор Адилов басшылық етти.

Сапар даўамында Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығы Михаил Мишустин, Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасарлары Алексей Оверчук ҳәм Дмитрий Григоренко менен сөйлесиўлер, сондай-ақ, Россия Федерациясы Президенти Администрациясы Баслығының биринши орынбасары Алексей Громов пенен ушырасыў болып өтти.

Тәреплер денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын, медицинаға санлы технологияларды енгизиў, телемедицинаны раўажландырыў, Россияның жетекши медицина, илим ҳәм билимлендириў мәкемелеринде өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыў мәселелерин додалады.

Россия Федерациясы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде еки мәмлекеттиң медициналық, илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлериниң басшылары ҳәм тараў экспертлериниң қатнасыўында министр Михаил Мурашко менен ушырасыў болып өтти.

Экспертлик сессия шеңберинде медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў, денсаўлықты сақлаўды санластырыў, наўқасларды аралықтан бақлаў, телемедициналық технологияларды раўажландырыў ҳәм жоқары тәжирийбели медицина кадрларын таярлаў мәселелери көрип шығылды.

Онкология, радиология, ядро медицинасы, гематология, қыстаўлы медициналық жәрдем, реабилитация ҳәм паллиатив жәрдем сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы Федерал мәжбүрий медициналық қамсызландырыў қоры, Федерал апатшылықлар медицинасы орайы, Орайлық клиникалық емлеўхана ҳәм РФ Президенти ислери басқармасының поликлиникасы, "Барвиха" клиникалық санаторийсиниң жумысы менен танысты.

Россия тәрепи жетекши федерал қәнигелестирилген медицина орайлары, соның ишинде, А.Ф.Цыб атындағы Медициналық радиология илимий орайы, Н.Н.Блохин атындағы Онкология миллий медициналық изертлеў орайы, Гематология миллий медициналық изертлеў орайы ҳәм Дмитрий Рогачёв атындағы Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм иммунологиясы миллий медициналық изертлеў орайының жумысын шөлкемлестириў бойынша тәжирийбесин усынды.

Буннан тысқары, Өзбекстан делегациясы Россия Федерал медициналық-биологиялық агентлиги басшысы Вероника Скворцова ҳәм "Роспотребнадзор" басшысы, Россия Федерациясы Бас мәмлекетлик санитариялық шыпакери Анна Попова менен әмелий ушырасыўлар өткерди.

Вероника Скворцова менен ушырасыўда қанның хызметин раўажландырыў, трансплантология, биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, биомолекуляр ҳәм биоинженерлик технологиялар тараўында қәнигелер таярлаў, донорлық жумысын санлы тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Анна Попова менен ушырасыўда Россия тәрепи санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаўды шөлкемлестириў, молекуляр-гигиеналық диагностика, геномлық эпидемиологиялық таллаў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм халықтың денсаўлығына болған қәўип-қәтерлерге оператив жуўап бериў бойынша тәжирийбесин усынды.

Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы "Роспотребнадзор"дың қәнигелескен илимий ҳәм лабораториялық бөлимлериниң жумысы, санитариялық-эпидемиологиялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў, суў, ҳаўа ҳәм азық-аўқат өнимлериниң сапасын қадағалаўдың заманагөй усыллары менен танысты.

Сапар жуўмағында Өзбекстан тәрепи ушырасыўларды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени, қызғын қабыллағаны ҳәм мазмунлы сөйлескени ушын Россия Федерациясы Ҳүкиметине миннетдаршылық билдирип, ерисилген келисимлер денсаўлықты сақлаў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.