Мәжилис даўамында тәреплер транспорт тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин, соның ишинде, заманагөй санлы шешимлерди енгизиў, турақлы ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын раўажландырыў, уйымлараралық муўапықласыўды күшейтиў мәселелерин додалады.

Ушырасыўда Илҳам Маҳкамов шығып сөйлеп, дүнья жүзи логистика системасы терең трансформация басқышын басынан өткерип атырғанын, дәстүрий жөнелислер қайта көрип шығылып, Орайлық Азияның әҳмийети жедел артып атырғанын атап өтти. Усы мәниде, Өзбекстан мәмлекетти Шығыс пенен Батысты, Арқа менен Қубланы байланыстыратуғын әҳмийетли қурғақлық көпирине айландырыў бойынша узақ мүддетли стратегияны әмелге асырып атырғанын атап өтти.

Транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм логистика процесслерин санластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, халықаралық мультимодаль жүк тасыўларды басқарыўдың бирден-бир санлы платформасын жаратыў бағдарындағы басламаның әҳмийети атап өтилди.

Министр "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы жойбарына айрықша тоқтап өтип, бул жойбар тек ғана үш мәмлекет ушын емес, ал ШБШ мәканында транспорт тармағын кеңейтиўде де стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Жойбардың әмелге асырылыўы Шығыс Азиядан Европа ҳәм Персия қолтығы мәмлекетлерине баратуғын жөнелислерди сезилерли қысқартыў имканиятын беретуғыны күтилмекте.

И.Маҳкамов санластырыў ҳаққында сөз етип, E-Permit системасын енгизиў, электрон ҳүжжет алмасыўды раўажландырыў, бирден-бир санлы мәканды қәлиплестириў мәселелерин айрықша атап өтти. Бул илажлар транспорт процесслерин жеделлестириў, бизнес ушын қәрежетлерди азайтыў ҳәм шегаралардағы тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған.

Мәжилис жуўмағында қатнасыўшылар бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин тастыйықлады. Мәжилис протоколы, халықаралық автомобиль тасыўларына рухсат бериўди санластырыў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды, транспорт тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша арнаўлы жумысшы топарды шөлкемлестириў ҳаққындағы реже тастыйықланды.