Делегацияларға Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши
орынбасары Баҳромжон Аълоев ҳәм Оман Султанлығы сыртқы ислер министриниң
орынбасары Халифа ал-Харисий басшылық етти.
Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиўди беккемлеў,
саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди
раўажландырыў, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги байланысларды кеңейтиў
мәселелери додаланды.
Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер
бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысты, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз
хызмети.