Сырт елли шериклер өз қутлықлаўларында Өзбекстан
Президентиниң басшылығында мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў,
халықтың турмыс сапасын арттырыў, мәмлекетимиздиң региондағы ҳәм халықаралық
майдандағы абырайын арттырыўда ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалайды.
Денсаўлық, абаданлық ҳәм мәмлекетшилик жумысында жаңа
табыслар, көп миллетли Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў
тилеклери билдирилген.
Атап айтқанда, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин,
Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиьнпин,
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев,
Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров,
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон,
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов,
Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық
Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов,
Әзербайжан Республикасы Президенти Ильҳам Алиев,
Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенко,
Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан
Назарбаев,
Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған,
Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси,
Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён,
Европа Кеңесиниң Баслығы Антонио Кошта,
Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон,
Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла,
Италия Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Джорджа
Мелони,
Словения Республикасы Президенти Наташа Пирс Мусар,
Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай,
Грузия Президенти Михаил Кавелашвили,
Армения Республикасы Президенти Ваагн Хачатурян,
Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян,
Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний,
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид
Ол Наҳаян,
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министриниң
орынбасары, Президент Администрациясының басшысы Шайх Мансур бин Зоид Ол
Наҳаян,
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки
ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян,
Ирак Республикасы Президенти Низом Умидий,
Мьянма Аўқамы Республикасы Президенти Мин Аунг Хлайн,
Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң
Баслығы Валентина Матвиенко,
Беларус Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңесиниң
Баслығы Наталья Кочанова,
Россия Федерациясы Қәўипсизлик кеңеси баслығының орынбасары
Дмитрий Медведев,
Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин,
Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары
Денис Мантуров,
Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов,
Америка Қурама Штатлары Конгресси Сенатының ағзасы Стив
Дейнс,
Америка Қурама Штатлары Конгресси Ўәкиллер палатасының
ағзалары Жо Вилсон, Трент Келли, Кэрол Миллер, Билл Хайзинга ҳәм Жейсон Смит,
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Кубаничбек
Омуралиев,
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының Бас хаткери Сергей
Лебедев,
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Нурлан
Ермекбаев,
Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Бас
хаткери Феридун Синирлиоғлу,
Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Асад Хан,
БМШ Бас хаткериниң орынбасары - БМШтың Халықтаныў қоры
(ЮНФПА) атқарыўшы директоры Диене Кейта,
ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы Кеңесиниң Бас хаткери
Дмитрий Кобицкий,
Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегиясының баслығы
Бакитжан Сагинтаев,
Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам
шөлкеми (АЙСЕСКО) бас директоры Салим Ал-Малик,
Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Жилббе Унгбо,
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одил
Рено-Бассо,
Евроазия раўажланыў банки басқармасы баслығы Николай
Подгузов,
Халықаралық дзюдо федерациясы президенти Мариус Визер,
Москва ҳәм пүткил Рус патриархы Кирилл,
Кавказ мусылманлары басқармасының баслығы Оллоҳшукур
Пошозода.
Қутлықлаўлар келиўи даўам етпекте.