Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Еки мәмлекет жетекшилери арасында саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бағдарламалар ҳәм аймақлараралық алмасыўларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиў күн тәртиби ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажларды байытыў ушын Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңеси ҳәм шерикликтиң басқа да механизмлериниң болажақ мәжилислеринде жаңа жойбар басламаларын ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.