Сөйлесиў алдында Рустам Минниханов мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм Өзбекстан халқының раўажланыўы жолындағы көп қырлы мийнетинде табыслар тиледи.

Өзбекстан аймақларының Татарстан Республикасы менен әмелий бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыў көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, тийкарғы тармақларда санаат кооперациясы жойбарларын жеделлестириў бойынша биргеликтеги илажларға айрықша итибар қаратылды.