Қырғызстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Садир Жапаров Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, сондай-ақ, Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған жеке үлесин жоқары баҳалады.
Барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң пәти артып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми жедел артып бармақта, санаат кооперациясы жойбарлары, соның ишинде, әмелдеги Биргеликтеги қор шеңберинде әмелге асырылмақта. Аймақларда ири инфраструктуралық жойбарлар бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Болажақ жоқары дәрежедеги, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўдағы саммиттиң күн тәртибин пуқта таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди.