Қазақстан Президенти мәмлекетимиз жетекшисин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм туўысқан Өзбекстан халқының абаданлығы жолындағы мәмлекетлик жумысында табыслар тиледи.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери додаланды.
Барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў жеделлесип баратырғаны, соның ишинде, товар алмасыў көлеми артып, тийкарғы тармақларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.