Ушырасыўда бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары, соның
ишинде, транспорт ҳәм энергетиканы раўажландырыў, "жасыл"
трансформацияны алға қойыў, санластырыў ҳәм инновациялар мәселелерине айрықша
итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар Шөлкемди институционаллық раўажландырыў
перспективаларын, "ТМШ плюс" форматындағы бирге ислесиўди кеңейтиў
ҳәм сыртқы шериклер менен әмелий бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин додалады.
- Биз регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, экономикалық
өсиўди хошаметлеў ҳәм улыўма ўазыйпаларды шешиў бойынша биргеликтеги жумысларды
даўам еттириў нийетиндемиз, - деди Бахтиёр Саидов.