Кейинги жыллары комбинатты модернизациялаў ҳәм өндирислик потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Нәтийжеде кәрхананың сап пайдасы 2017-жылдағы 14 миллион доллардан 2025-жылы 23 миллион долларға жетти.

Қуйыў-прокат комплексиниң қурылысына мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл 29-август күни Бекабад қаласына сапары ўақтында тырнақ тасын қойған еди.

Жойбардың улыўма баҳасы 839 миллион долларды қурайды. Стратегиялық әҳмийетке ийе бул комплекс 18 гектар майданда қурылып, елимиздиң металл өнимлерине артып баратырған талабын тәмийинлеўге қаратылған.

Бул жерде жәми өндирис көлемин 2 миллион тоннаға жеткериў, қосымша түрде 1 миллион 40 мың тонна рулонлы листли прокат ислеп шығарыў, жәми жумысшылардың санын 7 мыңға жеткериў режелестирилген.

Комплексте Италияның Danieli компаниясы тәжирийбеси тийкарында биринши мәрте полат қуйыў үскенеси барлық технологиялық үскенелер менен интеграцияланып, бирден-бир басқарыў пульти арқалы басқарылады.

Бурынғы технологияда процесслерди 4-5 пульттен басқарып, онда тоғыз хызметкер ислеўи керек еди, енди болса бирден-бир басқарыў системасы себепли процессти тек ғана 3 қәниге қадағалайды.

Президентимиз бирден-бир басқарыў системасына жасалма интеллект технологияларын енгизиў, комплекстиң турақлылығын ҳәм экономикалық нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қәўипсизлик дәрежеси ҳәм үскенелердиң ислеў тезлиги бойынша бул комплекс Орайлық Азияда теңи жоқ болып есапланады. Атап айтқанда, бул жерде тийкарғы валларды автоматикалық түрде, өндирис процесин тоқтатпастан ҳәм инсан факторының қатнасыўысыз бурынғы 30-40 минуттың орнына тек ғана 5-7 минутта алмастырыў имканияты жаратылған.

Президентимиз листли прокаттан таярланатуғын өнимлердиң үлгилери менен де танысты.

Жуўапкерлердиң мәлимлемеси де тыңланды. Атап айтқанда, республикада өзлестириўге усыныс етилген ыссы жипли листли прокат өнимлерин ислеп шығарыўда қосымша қун шынжырын жаратыў бойынша мәлимлеме берилди.

Сондай-ақ, қурылыс тараўында арматура өнимлериниң айланысын тәртипке салыў, қурылыс объектлеринде қара металл прокатын қолланыў үстинен қадағалаўды күшейтиў ҳәм сейсмикалық қәўип-қәтерлерди азайтыў бойынша әмелий илажлар түсиндирилди.