Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында, күнниң екинши ярымында Самарқанд, Сурхандәрья ўәлаятларында ҳәм кеште Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқада айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтиледи. Ҳаўаның температурасы 26-31°.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда
жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы 27-29°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли
жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў тасқынлары жүз бериўи мүмкин.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с.