Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 19-сентябрь күни Нөкис қаласында
өткерилген мәжилисинде де әне усы мақсетлер жолындағы әҳмийетли ўазыйпалар
белгилеп берилди. Әсиресе, инвестицияларды тартыў, исбилерменликти
раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Аймақта әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар экономикалық белсендиликти
күшейтип, адамлар ушын мийнет етиў ҳәм өз потенциалын көрсетиў имканиятларын
кеңейтпекте. Соның менен бирге, энергетика, санаат ҳәм хызмет көрсетиў
тараўларындағы жаңаланыўлар Қарақалпақстанның келешектеги раўажланыўы ушын
беккем тийкар болмақта. Себеби, раўажланыўдың мазмуны тек ғана жаңа имаратлар
ямаса өндирис қуўатлықларында емес. Оның тийкарғы мәниси - инсанның турмысы
жақсыланыўы, шаңарақлардың дәраматы артыўы ҳәм ҳәр бир пуқара ушын жаңа
имканиятлар жаратылыўында болып есапланады.
Бүгин Қарақалпақстанда басланып атырған жаңа жумыслар ертеңги күнге
қаратылған табыслардың жемиси деп билемиз. Бул процесстиң ҳәр бир нәтийжеси
аймақтың және де абат, халықтың болса және де абадан турмыс кешириўине хызмет
етеди.
ӨзХДП фракцияси ағзасы.