Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарағына қут-берекет ҳәм табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени, көп қырлы бирге ислесиў барлық тийкарғы бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.