Мәмлекетимиз басшысы бул тарийхый ўақыя Қазақстанның сиясий системасын жетилистириў, мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм парламенттиң ролин сезилерли дәрежеде күшейтиў бойынша жаңа басқыш басланғанынан дәрек беретуғынын атап өтти.

Пуқаралардың болып өткен сайлаўда белсене қатнасқаны Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында Қазақстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, оның халықаралық майдандағы абырайы ҳәм тәсирин және де арттырыўға қаратылған терең конституциялық ҳәм жәмийетлик-сиясий реформалар халық тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанының айқын дәлили сыпатында атап өтилди.

Өзбекстан Президенти мәмлекетимизди көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары байланыстырып турған туўысқан Қазақстан халқында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлардың жоқары нәтийжелеринен шын жүректен қуўанышлы екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан парламентлериниң тығыз бирге ислесиўи дос мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары руўхында сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилетуғынына исеним билдирилди.

Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Қасым-Жомарт Тоқаевқа беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар, туўысқан Қазақстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.